Бәршеңиздиң хабарыңыз бар, әйне күнлерде 2023-2024-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақлары болып өтпекте. Тест орынларында абитурентлердиң ата-аналар ушын барлық қолайлықлар жаратылған болып, тест процесин тиккелей бақлап барыў имканиятына ийе болмақта.

Абитуриентлер ата-аналарының кеўил-кейпиятын көтериўде Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы волонтёрлары тәрепинен концерт бағдарламалары шөлкемлестирилип, социологиялық сораўнамалар өткермекте.


Бәрше абитуриентлерге тест сынақларынан табыслы өтип, студент болыў бахтына ерисиўине тилеклеслик билдиремиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги