Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында «Аймақлық тармақлар аралық санаат ярмаркасы» болып өтти.

Шөлкемлестирилген илаж шеңберинде тәбийғый ҳәм минерал ресурсларды қайта тиклеў, нефть-химия санааты өнимлери, қурылыс материаллары, мебель усташылығы, электротехника өнимлери санааты менен шуғылланыўшы «UzbekNefteGaz», «Shortan» GKM, «Uzeltexsanoat», «Artikul Aziya Kabel», «Kungrad soda zavodı» AJ, «Solar Sall», OOO «ASTESS Atramatik Steril Jarrohlik Iplari», OOO «Kardar» ҳәм басқа да  кәрханалардың ўәкиллери өз өнимлери менен қатнасты.

Ярмарканы шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет – исбилерменлер ҳәм ислеп шығарыўшылар арасында өз-ара байланысты беккемлеў, мәмлекетимизде қарыйдары жоқары болған ҳәм импорттың орнын басыўшы товарларды ислеп шығарыўды раўажландырыўдан ибарат.

Илажда жергиликли кәрханалар, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлери арасында санаат кооперациясын кеңейтиў ҳәм жумыс көлемин асырыў ушын буйыртпашылар портфели қәлиплестирилип, бир қатар шәртнама ҳәм меморандумларға қол қойылды.





Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги