«Аўыл хожалығы тараўына алдынғы санлы технологияларды енгизиў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ – 257-санлы, 02.08.2023 ж.) қабыл етилди.

Қарарға бола, 2023-жыл 1-сентябрьден «Санлы аўыл хожалығы» бирден-бир интеграциялық платформасы қурамында «Агроплатформа» мәлимлеме системасы енгизиледи.

Бул платформа пахта, масақлы дән, мийўе-овощлар жетистириў ушын жеңиллетилген кредит ажыратыў процесслерин санластырыў ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерге ашық-айдынлық принципи тийкарында хызмет көрсетиўди нәзерде тутады.

2024-жыл өниминен баслап аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў қәрежетлери коммерциялық банклердиң «Агроплатформа» МС арқалы электрон тәризде қәлиплестирилген буйыртпалар тийкарында қаржыландырылады.

Бунда өним жетистириўшилерге «Агроплатформа» МСдағы жеке кабинетлер арқалы электрон хызметлер көрсетиў жолға қойылады.

2023-жылдың ақырына шекем:

  • Геомәлимлеме технологиялары ҳәм космослық сүўретлерди таллайтуғын хызметлерди көрсетиў платформасы енгизиледи;
  • аўыл хожалығы егинлерин жайластырыўдың әмелдеги механизмлери санлы технологиялар жәрдеминде жетилистириледи.

Бунда жерден пайдаланыўшылардың усынысларын қабыл етиў, аўыл хожалығы егинлерин электрон жайластырыў, келисиў, мағлыўмат ҳәм есабатларды автоматластырылған қәлиплестириў ушын «CropAgro» мәлимлеме системасы енгизиледи;

  • Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың аўыл хожалығы геопорталлары жетилистирилип, тийисли аймақлардың аўыл хожалығы тараўына байланыслы географиялық, статистикалық ҳәм аналитикалық мағлыўматлардан ашықтан-ашық пайдаланыў жолға қойылады.

Қарарға бола, 2024-жыл 1-февральға шекем тараўдағы статистикалық мағлыўматлардың исенимлилиги ҳәм оперативлилигин тәмийинлеў ушын Аграр ҳәм азық-аўқат тараўында жағдайларды баҳалаў орайының иске қосылыўы нәзерде тутылған.

2023-жыл 1-октябрьге шекем «Агроплатформа» МСда аўыл хожалығы жерлеринен пайдаланыўшылардың бирден-бир мағлыўматлар базасы қәлиплестириледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги