2023-жылдың биринши ярым жылы даўамында Нөкис районлараралық ҳәкимшилик судында жәми 397 ҳәкимшилик иси ҳәм 14 материал тәртибиндеги ислер көрилип жуўмақланған.

2022-жылдың усы дәўирине салыстырғанда ҳәкимшилик ислери 5 ке яки 1,2 процентке көбейген. Материаллар 92 ге яки жети ярым есеге азайған. Бул белгили жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реабилитация орайына жайластырыў ҳаққындағы материаллар жынаят ислери бойынша судларының судлаўына өткерилгенлиги менен түсиндириледи.

2023-жылдың биринши ярым жыллығы даўамында, жәми 397 ҳәкимшилик ис көрилген болып, 224 (233) яки 56,4 процент арзалар қанаатландырылған, 134 (143) ти яки 33,7 процент арзаны қанаатландырыўдан бас тартылған, алтаўы (1)  яки 1,5 процент арза көрилместен қалдырылған ҳәм 33 (15) яки 8,3 процент ис ис жүргизиўден тамамланған.

Президентимиз тәрепинен жынаят ислеген шахсты жазалаў емес, ал жынаятлардың келип шығыў себебин, оларға шараят жаратып берген дәреклерди үйрениў, ҳәр бир жынаят жағдайларын профилактика инспекторлары, мәҳәлле ҳәм кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында терең таллаў зәрүрлиги, ислердиң кеминде 30 процентин көшпели суд мәжилислеринде, халық арасында көриў ҳаққында усыныс билдирилгенлиги себепли, судлардың жумысларында бул бойынша унамлы өзгерислер көзге тасланбақта.

Атап айтқанда, соңғы жыллары ислерди көшпели суд мәжилислеринде көриўге айрықша итибар қаратылып, быйыл 6 ай даўамында 107 ҳәкимшилик ис көшпели суд мәжилисинде көрип шығылды.

Бул дәўирде Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судында биринши инстанцияда материал тәртибиндеги ислер көрилмеген. Апелляция инстанциясында 2023-жылдың 6 айы даўамында 55 (57)  ҳәкимшилик ислер көрилип тамамланған.

Суд қарарларының орынланыўы бойынша, 6 ай даўамында судларға шағым арзаларын, шағымларды бериўде ықтыярый төленген мәмлекетлик бажы муғдары 162.870.000 сумды қураған, суд қарарларына тийкарланып мәмлекет пайдасына 119.537.000 сумлық мәмлекетлик бажы өндирилген.

Сондай-ақ, суд қарарлары бойынша 190.986.750 сумлық, жәми 439 орынлаў ҳүжжети Мәжбүрий орынлаў бюроларына жиберилген. Соннан, 138.502.750 сумлық 358, яғный 72,6 процент орынлаў ҳүжжетлериниң орынланыўы тәмийинленген ҳәм тамамланған. Ал, 52.484.000 сумлық 81, яғный 27,4 процент орынлаў ҳужжети қалдықта қалған.

Ислерди көрип шығыўдың нәтийжелери бойынша жынаят белгилери бар ямаса жоқ екенин көрип шығыў ушын, сорастырыў уйымларына 5 хабарнама, сондай-ақ, исти көриўде мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлери ҳәм лаўазымлы шахслардың ҳәркетлеринде нызам бузыўшылық жағдайлары барлығы ҳәм усындай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде 187 айрықша уйғарыўлар шығарылып, зәрүр илажларды белгилеў ушын тийисли орынларға жиберилди.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды тәрепинен бирден-бир суд әмелиятын қәлиплестириў, әдил судлаўды әмелге асырыўдағы қәте-кемшиликлерди сапластырыў бойынша, сондай-ақ, пуқаралардың мүрәжатларын ҳәр тәреплеме толық үйрениў ҳәм дурыс жолға қойыў бойынша жәми 8 улыўмаластырыў өткерилген.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханалары арасында өз-ара бирге ислесиў жолға қойылып, 6 ай даўамында физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден жәми 43 мурәжат келип түскен. Олардан 39 мүрәжат үйренилип, ийелерине жуўап берилген болса, 4 мүрәжат тийислилиги бойынша үйрениў ушын жиберилген.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Виртуал ҳәм Халық қабыллаўханалары арқалы жәми 40 мүрәжат келип түскен болып, олардың барлығы бақлаўға алынған ҳалда үйренип шығылып, арза ийелерине тийкарланған жуўаплар берилди.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Нөкис районлараралық ҳәкимшилик суды баслықларының көшпели ҳәм суд имаратында өткерилген жеке қабыллаўларында, жәми 113 мүрәжат, соннан
77 мүрәжат көшпели қабыллаўда, 36 мүрәжат суд имаратында қабыл етилди.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары тәрепинен ҳуқықбузыўшылықтың алдын алыў ҳәм халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыў мақсетинде кәрхана, мәкеме, шөлкемлерде, оқыў орынлары ҳәм халық арасында улыўма 144 мәрте ушырасыў, дөгерек сәўбети өткерилди. Телевидение, радио, газета ҳәм социаллық тармақлар менен тығыз бирге ислесиў жолға қойылған болып, 104 мақала жәрияланды, телевидение ҳәм радиоларда шығыўлар шөлкемлестирилди.

Деген менен, бул жумыслар мәмлекетимиз басшысы тәрепинен бүгинги күни алдымызға қойылып атырған талапларға толық жуўап береди, деп болмайды.

Сол себепли, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен берилген көрсетпелерге әмел етип, жуўапкершиликти сезинип, халықтың ишине кирип, олардың машқалаларын тыңлап, халық пенен көбирек ушырасып, олардың дәрти менен жасаў судьялар ушын баслы ўазыйпа болып қалыўы тийис.

Усы мәселеде көшпели суд мәжилислериниң тәрбиялық әҳмийетин айрықша атап өтиў зәрүр. Судтың ашық-айдынлығын тәмийинлеў қаншелли дәўир талабы мәселеси екенлиги ҳәммеге мәлим. Себеби, бир тәрептен судлар жәмийетшиликтиң арасында болса, екинши тәрептен пуқаралардың ҳуқықый мәдениятын арттырыўға кеңнен жәрдем береди.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары судьялары өзлеримизге жүкленген жуўапкершиликли ўазыйпаларды шын кеўилден, ҳадал ҳәм ҳүждан менен орынлап, ҳәр қандай жағдайда да қалыс ҳәм әдил болыўға, әдил судлаўды тек ғана нызамға бойсынған ҳалда әмелге асырыўға барлық күш-жигерин жумсайды, деп исеним билдиремиз.

 

Амир Нурлипесов,

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги