Өзбекстан Журналистлер аўқамы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Кинематография агентлиги, Республикалық «Сүўретлеў айнасы» дөретиўшилик аўқамы, Көркем өнер академиясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығына бағышланған «Ең уллы, ең әзиз» дәстүрий республикалық таңлаўды жәриялады.

Таңлаўға «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!» деген баслы идеяны өзинде жәмлеген шығармалар-материаллар қабыл етиледи.

«Ең уллы, ең әзиз» таңлаўы төмендеги номинациялар бойынша өткериледи:

  • баспа ҒХҚ хызметкерлериниң журналистлик жумыслары;
  • телевидение ҳәм радио дөретиўшилериниң материаллары;
  • интернет-журналистика;
  • журналистлер тәрепинен басып шығарылған публицистикалық жанрдағы китаплар;
  • жазыўшы ҳәм шайырлардың көркем шығармалары;
  • сүўретлеў көркем өнери, фото шығармалар ҳәм дизайн жумыслары;
  • кино көркем өнери шығармалары.

! ! Таңлаўға усынылған дөретиўшилик жумысларға төмендеги ҳүжжетлер қосымша етилиўи керек:

  • автор ҳаққында мағлыўмат (объективка);
  • автордың паспорт нусқасы;
  • автордың мәнзили ҳәм байланыс телефонлары.

Таңлаўға 2022-жылдың 1-августынан 2023-жылдың 1-августына шекемги дәўирде жәрияланған материаллар – шығармалар усы жылдың 15-августына шекем қабыл етиледи.

Таңлаў жеңимпазлары Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллық байрамы алдынан сыйлықланады ҳәм олардың дизими баспасөзде жәрияланады.

  • Баспа ҒХҚ хызметкерлериниң журналистлик жумыслар, телевидение ҳәм радио дөретиўшилериниң материаллары ҳәм интернет-журналистика бойынша дөретиўши жумыслар «Ең уллы, ең әзиз» таңлаўына деп көрсетилген ҳалда Өзбекстан Журналистлер аўқамының (99 446-10-25) номерине ашылған (Өзбекстан Журналистлер аўқамы) телеграмына жибериледи.

Мүрәжат ушын телефонлар: 71 244-37-87, 71 244-64-62.

Сүўретлеў өнери, фото шығармалар ҳәм дизайн жумыслары Өзбекстан «Сүўретлеў айнасы» дөретиўшилик аўқамының (97 761-11-71) телеграмм номерине жибериледи.

Мүрәжат ушын телефонлар: 71 244-27-79, 71 244-57-24.

Кино көркем өнери шығармалары Өзбекстан Республикасы Кинематография агентлигиниң (90 673-39-40) телеграмм номерине жибериледи.

Мүрәжат ушын телефон: 71-277-81-49.

Еслетпе: жоқарыдағы бағдарларда ҳүжжетлер электрон тәртипте қабыл етиледи.

Жазыўшы ҳәм шайырлардың көркем шығармалары Өзбекстан Жазыўшылар аўқамына жибериледи.

Мәнзил: 100066, Ташкент қаласы, Бунёдкор көшеси, Жазыўшылар қыябаны.

Мүрәжат ушын телефонлар: 71-231-83-49, 71-231-83-67.

Журналистлер тәрепинен басып шығарылған публицистикалық жанрдағы китаплар бойынша таңлаўда қатнасыў тилегинде болғанлар Өзбекстан Журналистлер аўқамына бир дана китап береди.

Мәнзил: 100011, Ташкент қаласы, Наўайы көшеси, 30-жай.

Мүрәжат ушын телефонлар: 71 244-37-87.

ӨзА