Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 25-январьдағы «Республика атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысын нәтийжели жолға қойыўға байланыслы биринши гезектеги шөлкемлестириўшилик илажлар ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги жаңадан шөлкемлестирилген еди.

Министрликтиң структурасына ҳәм миннетли ўазыйпаларына көплеген өзгерислер киргизилип, жаңа ўазыйпалар белгиленди. Усы жылдың биринши ярым жыллығында министрлик тәрепинен халқымыздың аўызбиршилигин, бәнтлигин, абаданлығын тәмийинлеўде қандай илажлар әмелге асырылмақта?

Биз Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Сағындық Турманов пенен сәўбетлесип,  усы бағдардағы сораўларымызға жуўап алдық.

  • Халықты қыйнап киятырған ең тийкарғы мәселелердиң бири бул бәнтлик мәселеси болып турыпты. Усы бағдарда қандай жумыслар әмелге асырылмақта?

– Бул мәселе шешилиўи тийис болған ең әҳмийетли мәселелердиң бири болып,  бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Президентимиздиң басшылығында усы жыл 25-январьда өткерилген видеоселектор мәжилисиниң 4-санлы баянламасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 24-февральдағы 1101-санлы  қарарына тийкарланып, быйыл жыл даўамында республикамыздағы жәми 193 мың пуқараның (турақлы, ўақытша ҳәм мәўсимлик) бәнтлигин тәмийинлеў белгиленген болса, бүгинги күнде ҳәр қыйлы тараўлар кесиминде 92 мың 832 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.

Соның ишинде, министрликке ҳәм оның бөлимлерине жумыс сорап мүрәжат еткен 17 мың 926 пуқара жумысқа орналастырылды. 4907 пуқара жәмийетлик жумысларға тартылып, олардың мийнет ҳақысы ушын 4,2 млрд. сум төлеп берилди. Буннан тысқары, 1538 жумыссыз пуқараға жумыссызлық напақасы тайынланды.

Өткен дәўирде 98 мәрте мийнет ярмаркалары шөлкемлестирилип, 1800ден аслам пуқаралардың бәнтлиги тәмийинленип, 510 пуқара кәсип-өнерге оқытылды.

Бул бағдарда жазаны өтеп келген яки Президент пәрманына муўапық әпиў етилген, әскерий хызметтен келген, майыплығы болған, бирақ мийнетке жарамлы пуқаралар, сондай-ақ, меҳрибанлық үйлериниң тәрбияланыўшылары және «Ҳаял-қызлар дәптери»нде дизимде турыўшылар менен алимент төлеўши пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша да  көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, өткен ўақыт ишинде азат етилген 13 ҳәм жазасын өтеп келген 155 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди. Әскерий хызметтен келген 57 пуқара, майыплығы болған, бирақ, мийнетке жарамлы 827 пуқараның, 6 жетим ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған пуқараның, сондай-ақ, 1926 алимент төлеўшилердиң бәнтлиги тәмийинленди. «Ҳаял-қызлар дәптери»нде дизимде турғанлардың бәнтлик көрсеткиши болса 22790 ды қурады.

Буннан тысқары, халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайларында жумыс излеп атырған ҳәм жумыссыз шахс сыпатында дизимнен өткен адамларды кәсипке таярлаў, стипендиялар, жумыссызлық бойынша напақалар белгилеў, ўақтынан бурын пенсия төлемлерин бериў, күнлик мийнет орайларын сақлаў, кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық жәрдемлер бериў, сондай-ақ, қәсипке оқытыў орайларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў сыяқлы бағдарларда министрлик структурасында мақсетли фонд жумыс алып бармақта.

Ярым жылдың жуўмағы менен фонд тәрепинен усы мақсетлер ушын жәми 17 миллард 426 миллион сум қаржы жумсалған.

  • Министрликте хызметкерлер (жумысшылар)диң мийнетин қорғаў, мийнетин мүнәсип баҳалаў, шараятлар жаратыў мәселеси қалай шешилип атыр?

– Мийнет жәмәәтлеринде жаңа редакциядағы мийнет кодексин үгит-нәсиятлаў ҳәм оған әмел етилиўин тәмийинлеў, пуқаралардың, соның ишинде хызметкерлер (жумысшы)диң ҳуқықларын, нызамлы мийнетти қорғаўда Министрлик структурасындағы Мәмлекетлик мийнетти қорғаў инспекциясының тутқан орны оғада гиреўли.

Атап айтқанда, инспекция тәрепинен өткен дәўирде мийнет жәмәәтлеринде 350 ге шамалас үгит-нәсият жумыслары, 469 мәкеме-шөлкемлерде тексериў жумыслары алып барылды. Өткен 6 ай даўамында инспекцияға юридикалық ҳәм физикалық тәреплерден 1096 мүрәжат келип түскен болып, барлық мүрәжатлар орынларға шыққан ҳалда үйренилип, ҳуқықый түсиниклер берилген ҳалда унамлы шешим тапты.

Мәселен, 2023-жылдың өткен дәўиринде мийнет жәмәәтлеринде тийкарсыз жумыстан босатылған 50 ден аслам пуқара жумысына қайта тикленди. 90 нан аслам пуқараның айлық мийнет ҳақылары өндирилип берилди. Сондай-ақ, өндирис ўақтында жарақатланған яки қайтыс болған 10 ға шамалас жумысшылардың шаңарақларына 1,5 млрд. сумға шамалас қаржы өндирип берилди.

  • Әлбетте, пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеўде жумысты үйге бөлип алып ислеў, яғный үй мийнетин раўажландырыў үлкен әҳмийетке ийе. Бул бағдардағы жумыслар қалай шөлкемлестирилмекте?

– Усы мәселеде 2022-жылдың 14-октябрь сәнесинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Үй мийнетин шөлкемлестирген исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы қарары кабыл етилген еди. Өткен дәўирде республикамыз бойынша 20 исбилерменлик субъекти пиллешилик, тигиўшилик, пал ҳәррешилик, қурылыс ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыў және саўда ҳәм хызмет көрсетиў бағдарларында белсендилик көрсетти. Әҳмийетлиси, онда 11196 пуқараның бәнтлиги тәмийинленип, 41 пуқараға субсидиялар ажыратылды.

– Халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде жумыссыз пуқараларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бирине айланбақта. Бул бойынша республикамызда жаратылған мүмкиншиликлер туўралы мағлыўмат берсеңиз.

– Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-августтағы ПҚ-4804-санлы қарарына тийкарланып Нөкис қаласында «Ишга марҳамат» моноорайы ҳәм 2022-2023-жылллардан баслап оның пайтахтымыздағы ҳәм Қоңырат районындағы 3 филиалы жумыс алып бармақта. Орай ҳәм филиалларда 20 түрдеги кәсиплик, 6 шет тили ҳәм 6 IT тараўы бойынша оқыўлар шөлкемлестирилген.

Өткен дәўир ишинде, бул оқыў орынларына жәми 3090 жумыссыз пуқаралар камтып алынды. Соннан 1653 пуқара оқыўды жуўмақлаған болса, бүгинги күнде 1121 жумыссыз пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.






Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта Ҳүрметли Президентимиздиң жоқарыдағы  ПҚ-4804-санлы ҳәм 2021-жыл 8-июньдағы ПҚ-5140-санлы қарарларына тийкарланып Елликқала, Тақыятас ҳәм Нөкис районларында шаштәрезлик, тигиўшилик, компьютер операторы, аспазлық ҳәм кондитер өнимлерин таярлаў сыяқлы бағдарларда кәсип-өнерге оқытатуғын орайлар ҳәм оның 14 райондағы жәми 39 мәҳәлле орынлары жумыс алып бармақта.

Бүгинги күнге келип жыл басынан усы оқыў орынларында жәми 863 пуқара кәсип-өнерге оқытылған болса, соннан 309 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.

  • Пуқаралар жыйынларындағы жәмийетшилик тийкарда дүзилген «Социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм жәмийетлик қадағалаў комиссиялары» тәрепинен қандай жумыслар әмелге асырылмақта?

– Президентимиздиң 2022-жыл 25-октябрьдеги ПҚ-408-санлы қарары бағдарламасына киргизилген 289 жойбардың орынланыўы бойынша комиссия тәрепинен 1300 жәмийетлик қадағалаў жумыслары әмелге асырылды.

Соның ишинде, халықтың хожалық машқалаларын шешиўге тийисли нормативлик ҳүжжетлердиң орынланыўы бойынша 131, электр энергиясы ҳәм газ тәмийнаты бойынша 393, суў тәмийнаты бойынша 190, жол инфраструктурасы бойынша 225, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў системасы бойынша 195 жәмийетлик қадағалаўлардың алып барылғанын атап өтип орынлы.

Ҳәзирги ўақытта пуқаралар жыйынлары хызметкерлери ушын қолайлы шараятлар жаратыў, мәҳәллелердиң материаллық-техникалық базасын жақсылаў бағдарында көлемли жумыслар әмелге асырылып, бүгинги күнде 46 пуқаралар жыйыны имаратында қурылыс-оңлаў жумыслары даўам етпекте. Өткен 6 ай даўамында 14 пуқаралар жыйынының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды. Нөкис қаласы ҳәм районлардағы пуқаралар жыйынлары 11  компьютер қурылмасы 30 мебель инвентарлары менен тәмийинленди. Сондай-ақ, 50 ге шамалас пуқаралар жыйынларын мебель инвентарлары ҳәм 100 пуқаралар жыйынларын компьютер қурылмалары менен тәмийинлеў илажлары көрилмекте.

Бәриңизге белгили, соңғы ўақытта Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанда мәҳәлле институтын қоллап-қуўатлаў бағдарына айрықша итибар қаратылмақта.

Атап айтқанда, Президентимиздиң жеке өзи Қарақалпақстан мәҳәллелеринде итибардан шетте қалып баратырған көше бийлериниң статусын көтериўге итибар қаратыўы, бурын мисли көрилмеген әмелият болды. Ҳәзирги ўақытта бийлер институты қәлиплесип, мәҳәллелердиң абаданлығын тәмийинлеўде олардың қатнасы тәмийинленбекте. Тек ғана бийлер емес, ал көшебасы ҳаяллар, ҳәтте көше жасларының сәрдарлары да итибарға алынып, олар мүнәсип хошаметленбекте.

Мағлыўмат орнында республикамыздағы 452 мәҳәлледе 8154 көше бийлери, 11350 көшебасы ҳаяллары ҳәм 2000 нан аслам көше сәрдарлары дизимге алынғанын атап өтиў орынлы.

Бул еле бәри емес. Усы жылдың 13-июль күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң жанында Мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў фондын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Усы қарарға муўапық, фонд қаржылары есабынан 2023-жылда республикамыздағы жәми 452 пуқаралар жыйынының ҳәр бирине 500 миллион сумнан қаржы қаратылды.

Сондай-ақ, мәҳәллелерде жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм абаданластырыў жумысларын тәмийинлеўге өз үлесин қосқан белсенди пуқаралар ҳәм мәҳәллелердеги көше бийлери менен көшебасы ҳаялларын хошаметлеў мақсетинде республика аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыў ушын нәзерде тутылған қаржылар есабынан фондқа жәми 228 миллиард сум муғдарында қаржы ажыратыў илажлары көриледи.

– Бүгинги күнде мәҳәллелердеги исбилерменликти раўажландырыў, халықтың кем тәмийинленген, жумыссыз қатламының бәнтлигин тәмийинлеўде мәҳәлле кесиминде ислесиў системасы – мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилериниң роли қай дәрежеде?

– Өткен ярым жылға нәзер аўдаратуғын болсақ, ҳәким жәрдемшилериниң жәрдеминде республикамызда жәми 52043 пуқараның бәнтлигин тәмийинлеўге ерисилди. Бунда шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде 28632 субъектке 466,2 млрд. сум жеңиллетилген кредитлер ажыратылды.

Халыққа исбилерменлик жумысларын баслаў, оларды кәсип-өнерге оқытыў, қыйтақ жерлерин раўажландырыў, өзин-өзи бәнт еткен адамлардың өзине керекли әсбап-үскенелерин  сатып алыўы сыяқлы илажлар ушын 715 пуқараға 2,7 млрд. сумлық субсидиялар берилди.

Әҳмийетлиси, әмелге асырылған усы илажлар нәтийжесинде мәҳәллелерде 3060 юридикалық ҳәм 2192 жеке тәртиптеги исбилерменлик субъектлери мәмлекетлик дизимнен өтти. Бүгинги күнде 11081 пуқара кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытылмақта.

Быйылғы жылы жәми 6020 гектарлық егислик жер майданларын «E-AUKSION» электрон саўда платформасы арқалы таңлаўға шығарыў режелестирилген.

Бүгинги күнде 6175 лотқа бөлинген 6217 гектарлық жер майданы электрон таңлаўға қойылып, 5719 пуқара 5469 гектарлық жер майданларының таңлаў жеңимпазы болды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-июльдағы
ПҚ-331-санлы қарарына тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасында санаат, өнерментшилик, кестешилик ҳәм шарӯашылық бағдарында усы жылда
32 микроорай дүзилиўи режелестирилген болса, ҳәзирги ўақытта Нөкис қаласы ҳәм районларда 10 микроорайдың жумысы жолға қойылды. Ҳәзирги ўақытта жыл жуўмағына қалған 22 син де иске қосыў илажлары көрилмекте.

Буннан тысқары, өткен 6 ай даўамында ҳәким жәрдемшилери өз мәҳәллелеринде анықланған бос жер, пайдаланылмай турған ҳәм қурылысы жуўмақланбаған имаратлар негизинде баҳасы 69,9 млрд. сум болған 786 жойбарды иске қосыўға еристи.

Сәўбетлескен:   Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги