Жоқары оқыў орынларына кириў ушын абитуриентлерден алынып атырған тест сынақлары даўам етпекте.

Тест сынақлары өткерилетуғын орынларда абитуриентлерге имканиятлар жаратылыўы менен бирге, билим бәйгисинде өз перзентлерин қоллап-қуўатлаўға келген ата-аналар ушын да түрли қолайлықлар жаратылған.

Тест сынақлары өтип атырған Муҳаммед ал-Хоразмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалында да ата-аналар ушын саяманлы орынларда отырғышлар, тест сынағын тапсырып атырған перзентлерин онлайн режиминде бақлап барыўы ушын үлкен монитор, салқын ишимликлер, жеңил аўқатланыў саўда орынлары шөлкемлестирилген. Бул жердеги волонтёрлар да тест сынақлары ҳәм жаратылған шараятлар бойынша ата-аналардың пикирин үйренип, оларға керекли мәсләҳәтин ҳәм жәрдемин көрсетип, өз жумысларын белсендилик пенен алып бармақта.

— Пандемия себепли алдынлары бир неше жыл даўамында имтиханлар ашық майданларда өткерилген еди. Быйыл абитуриентлер жабық имаратларда, ҳаўа суўытқышлар менен үскенеленген, салқын имаратлардың ишинде, барлық қолайлықлары жаратылған ҳалда өз билимлерин сынақтан өткермекте. Бул жерде мениң де ең кишкене улым, алтыншы перзентим бүгин тест тапсырып атыр. Оны қоллап-қуўатлаўға келдим. Мениң жақын жерде отырғанымды сезинсин, тесттеги сораўларды шешкен ўақтында жуўапкерлирек болсын деп келдим. Мине, үлкен экраннан көрип отырман. Тест жақсы өтип атыр. Ҳәр бир абитуриент өз алдына отырыпты. Ҳеш ким кесент етип яки жәрдем берип атырған жоқ. Усындай имканият жаратылғаны ушын рахмет. Саяманлы, салқын жерде балама тилеклес болып отырман,-дейди Шымбай районынан келген А.Кеўлимжаева.



Республикамыздағы тест сынақлары алты орында, яғный Нөкис қаласындағы Олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайында (еки орында), Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде (теннис кортында), Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде (еки орында), Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық-технологиялар университетиниң Нөкис филиалында ҳәр күни еки мезгилде даўам етпекте.

Тест сынақларының ашық-айдын ҳәм әдил өтиўи ушын барлық шараятлар жаратылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги