Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен 2023-жылдың 6 айы даўамында әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Усы дәўирде жынаят ислери бойынша судлар тәрепинен 1265 шахс қарсысындағы 931 жынаят иси көрип шығылып, өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда шахслар саны 2,9 процентке, ислер саны 6,7 процентке азайған.

Көрилип тамамланған жынаят ислериниң 68,6 процентин қураған 868 шахсқа жаза тайынлаў менен айыплаў ҳүкими, 1,3 процентин қураған 11 шахсқа ақлаў ҳүкими, 7,4 процентин қураған 94 шахсқа жаза тайынланбастан айыплаў ҳүкими шығарылды. Ал, 1,3 процентин қураған 16 шахсқа тайынланған жаза шәртли есапланып, олардың қарсысына сынақ мүддети белгиленди.

Сондай-ақ, 20,6 процентин қураған 261 шахстың ислери тәреплердиң өз-ара жарасқанлығы, жүз берген жынаятлардың әҳмийетлилиги аз екенлиги себепли өндиристен қысқартылып, 0,2 процентин қураған 3 шахстың қарсысына медициналық характердеги мәжбүрлеў шаралары қолланылды.

Жәми барлық инстанцияларда 19 (17) шахстың қарсысына ақлаў ҳүкимлери шығарылды.

Айыплаў ҳүкими шығарылған 232  шахсқа еркинен айырыў, 287 шахсқа азатлықты шеклеў, 240 шахсқа дүзетиў жумысы, 17 шахсқа мәжбүрий жәмийетлик жумысларға тартыў, 75 шахсқа жәрийма жазасы тайынланды.

Көрсеткишлери артқан жынаят түрлери талланғанда, жас өспирим яки мийнетке жарамсыз адамларды материаллық тәмийинлеўден бас тартыў жынаяты 19 шахс тәрепинен исленип, 42,1 процентке, арада жүрип «жеңгешилик» етиў ямаса зинахана шөлкемлестириў жынаяты 38 шахс тәрепинен исленип, 10,5 процентке, салықлар яки жыйымларды тѳлеўден бас тартыў жынаяты 24  шахс тәрепинен исленип, 16,7 процентке көбейген.

Жынаят түрлери аймақлар кесиминде таллап көрилгенде, урлық жынаяты Нѳкис қаласында 86 шахс тәрепинен исленип, 62,3 процентке, Беруний районында 12 шахс тәрепинен исленип, 71,4 процентке, Хожели районында 20 шахс тәрепинен исленип, 53,8 процентке кѳбейген.

Автотранспортларды алып қашыў жынаяты Беруний, Кегейли, Тѳрткүл, Хожели районларында кѳбейген.

Бийзарылық жынаяты Нѳкис қаласында 11 шахс тәрепинен исленип, 57,1 процентке, Хожели районында 6 шахс тәрепинен исленип, 100 процентке кѳбейген.

Cондай-ақ, нәшебентлик яки психотроп затлар менен байланыслы жынаятлар Беруний районында 3 есеге, Тѳрткүл районында 2 есеге, Әмиўдәрья районында 2,1 есеге көбейген. Алдаўшылық жынаяты Нѳкис қаласында 3,1 есеге, Тақыятас районында 3,1 есеге, Қанлыкѳл районында 9 есеге көбейген.

Буннан тысқары, судлар тәрепинен усы жылдың 6 айы даўамында коррупция менен байланыслы, жәми 234 шахстың қарсысындағы 120 жынаят иси көрилип, бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда 134 шахсқа яки 57,2 процентке көбейген.

Усы дәўирде коррупция менен байланыслы жынаятлардың жүз бериўиниң алдын алыў мақсетинде кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлерге көрилген ислердиң 70 процентин қураған 84 айрықша уйғарыўлар шығарылған.

Судланғанлардың шахсы таллап көрилгенде, олардың 16,0 процентин алдын судланғанлар, 13,7 процентин ҳаял-қызлар, 3,7 процентин 60 жастан асқанлар, 1,8 процентин жас өспиримлер, 31,2 процентин жаслар қурайды.

Хаял-қызлар тәрепинен исленген жынаятлардың басым көпшилигин алдаўшылық, урлық, пара бериў менен байланыслы жынаятлар, жаслар тәрепинен исленген жынаятлардың басым көпшилигин жол ҳәрекети  қағыйдаларын бузыў, урлық, алдаўшылық, ал жас өспиримлер тәрепинен исленген жынаятлардың басым көпшилигин урлық, бийзарылық  жынаятлары қурайды.

Буннан тысқары, жынаят ислери бойынша район (қала) судлары тәрепинен, жәми 12732 шахстың қарсысына 11702 ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислер көрип тамамланды. Соннан 8209 шахстың қарсысындағы 7556 ис бойынша ҳәкимшилик жаза шарасын қолланыў ҳаққында қарарлар шығарылған болса, 4523 шахстың қарсысындағы 4146 ис өндиристен қысқартылды.

Жаза тайынланып қарар шығарылған шахслардан 2750 шахсқа, яғный 33,4 процентине ҲЖҳКниң 33-статьясы қолланылып, айыпланып атырған статьясы санкциясында көрсетилген жазадан да жеңилирек жаза шаралары қолланылды.

Көрсеткишлери артқан ҳуқықбузарлықлардың түрлери таллап көрилгенде, жеңил дәрежедеги дене жарақатын жеткериў 543 шахс тәрепинен исленип, 7,7 процентке, электр, ыссылық энергиясы, газден пайдаланыў қағыйдаларын бузыў 854 шахс тәрепинен исленип, 99,6 процентке, мәс ҳалында транспорт қуралларын басқарыў 1210 шахс тәрепинен исленип, 20,4 процентке көбейген.

Көрип тамамланған ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислер бойынша сорастырыў уйымлары тәрепинен жол қойылған қәте-кемшиликлерди сапластырыў ҳәм ҳуқуқбузарлықлардың алдын алыў бойынша 487 усыныс шығарылды.

Судлар тәрепинен көрип шығылған жынаят ислериниң 29,6 проценти, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислердиң 25,6 проценти көшпели суд мәжилислеринде көрилди.

Сондай-ақ, судлар тәрепинен жынаятлардың себеплери ҳәм оны келтирип шығарған шараятлар үйренилип, анықланған кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде 733 айрықша уйғарыўлар шығарылды ҳәм тийислилиги бойынша кәрхана, мәкеме, шөлкемлерге ҳәм басқа да өзин-өзи басқарыў уйымларына жиберилди.

Жынаят ислери бойынша судлар тәрепинен халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, ҳуқықбузарлықтың алдын алыў мақсетинде кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлерде, оқыў орынларында, халық арасында улыўма 508 мәрте ушырасыў ҳәм сәўбетлесиўлер өткерилди. Fалаба хабар қуралларында 624, соннан телевидениеде 111 көрсетиў, радиода 60 еситтириў шөлкемлестирилип, газета ҳәм журналларда 35, веб-сайтларда 418 мақала жәрияланды.

Алты ай даўамында физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден келип түскен 1049 мүрәжат үйренип шығылып, соннан 100 яки 9,5 процентиниң талабы қанаатландырылды. 941 мүрәжат ийелерине түсиник берилди.

Буннан тысқары, ислерди дәслепки тергеў дәўиринде ҳәм судта көриўде жиберилип атырған қәте-кемшиликлерди анықлаў, оларды сапластырыў ҳәм келешекте болдырмаў, суд тәжирийбесин қәлиплестириў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде 94 улыўмаластырыўлар өткерилип, анықланған кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде тийисли кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлерге 105 усыныс киргизилди.

Жынаят ислери бойынша судлар әдил судлаўды әмелге асырыў, судты түп мәнисиндеги әдиллик қорғанына айландырыў, пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў бойынша жумысларын еле де жеделлестиреди, деп исендиремиз.

 

Абылай Адилов,

Қарақалпақтан Республикасы суды баслығының орынбасары.

Қарақалпақстан хабар агентлиги