Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судлары тәрепинен 2023-жылдың биринши ярым жыллығында әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлери, юридикалық тәреплердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң суд арқалы қорғалыўын тәмийинлеў, суд әмелиятын улыўмаластырып барыў, халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыў мақсетинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

2023-жылдың биринши ярым жыллығында Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судларының өндирисиндеги биринши инстанция судында улыўма 7942 ис болып, соннан судлар тәрепинен 6431 ис көрип тамамланып, олардан 4450 ис, яғный 69,2 процент даўа арза қанаатландырылған.

– Көрилген ислердиң 2981 ин пуқаралық ҳуқықый қатнасықлар,  2328 ин ҳәкимшилик-ҳуқықый қатнасықлар, 414 ин кәрханалар ҳәм пуқаралардың банкротлығы, 9 ын корпоратив қатнасықлар менен байланыслы категориядағы ислер қурайды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы судьясы Спартак Ниязов.

Есабат дәўириндеги көрилген ислерди өткен жылдың усы дәўири менен салыстырып қарағанымызда, банклердеги есап-бетлери бойынша операцияларды тоқтатып турыў менен байланыслы ислер 13,5 есеге, коммуналлық хызмет көрсетиў шәртнамасына байланыслы ислер 2,6 есеге, банкрот, деп табыўға байланыслы ислер 1,6 есеге көбейген. Ал, қамсызландырыў шәртнамасы менен байланыслы ислер 85,4 процентке, өним жеткерип бериў шәртнамасына байланыслы ислер
49,6 процентке, кредит шәртнамасы менен байланыслы ислер
43,2 процентке азайған.

Шәртнама шәртлерин ҳәм төлеў интизамын бузған хожалық жүргизиўши субъектлердиң лаўазымлы шахсларына 11 ҳәкимшилик, 5 материаллық, 28 интизамий жуўапкершиликке тартыў ҳаққындағы ҳәм 11 басқа түрдеги суд тәсир шаралары қолланылды.

Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судлары тәрепинен Мәжбүрий орынлаў бюроларына орынлаў ушын, жәми 13.827.331.529 сумлық 3977 орынлаў ҳүжжетлери жиберилген болып, соннан 4.936.499.370 сумлық
1624 орынлаў ҳүжжетлери әмелде орынланды.

Исбилерменлик субъектлерин ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлерди ҳуқықый қорғаў, олардың ҳуқықый мәденияты дәрежесин көтериў мақсетинде ғалаба хабар қуралларында жәми 123 мәрте, соннан 26 мәрте телевидениеде,
27 мәрте радиода, 18 мәрте газеталарда, 4 мәрте журналларда, 48 мәрте веб-сайтларда материаллар берилип, шығыўлар әмелге асырылды. Халық арасында 74 мәрте аўыз-еки ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары алып барылды.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы тәрепинен 13 мәрте суд әмелияты бойынша улыўмаластырыў өткерилди. Нызам ҳүжжетлери, Пленум қарарларын жетилистириў бойынша 14  усыныс берилди.

Экономикалық судларға физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден келип түскен 47 мүрәжат үйренилип, оларға нызамлы мүддетлерде тийкарланған жуўаплар берилди.

Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судлары баслықларының көшпели ҳәм суд имаратларында өткерилген жеке қабыллаўларында жәми 89 пуқара қабылланды.

Булардың барлығы халқымыздың абадан турмыста жасаўын тәмийинлеў мақсетине қаратылған ислер болып есапланады.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги