Хабарыңыз бар, бүгин, 1-август күнинен баслап Нөкис қаласындағы 6 орында 2023-2024-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақлары басланды. Бул процесс аймақлардағы абитуриентлердиң санына қарай улыўма Өзбекстан көлеминде 13-августқа шекем даўам етиўи белгиленген.

Усы процесслерде абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналары ушын қосымша қолайлықлар жаратыў мақсетинде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ўәкиллеринен ибарат «Волонтёрлар топары» шөлкемлестирилди.



Топар ағзалары Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде өткерилип атырған тест сынақларына келген абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналары менен сәўбетлесиўлер, социологиялық сораўнамалар өткереди. Сондай-ақ, ата-аналар ушын мәдений илажлар шөлкемлестирип, күтиў орынларында зәрүр шараятларды жаратыўға жәрдемлеседи.

Соның менен бирге, жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, олардың әмелий нәтийжелери ҳаққында мағлыўматлар берип барады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги