Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги тәрепинен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер ушын пресс-тур шөлкемлестирилди.

Дәслеп журналистлер Нөкис транспорт техникумындағы қурылыс тараўындағы маман қәнигелерди таярлаў орайына алып барылды.

Мәмлекетимизде халықтың бәнтлиги тараўында алып барылып атырған жумыслардың бири бул – мийнет мигрантларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 25-январьдағы «Ўақтынша жумыс ислеў ушын сырт елге кетип баратырған шахсларды ҳәм бәнт болмаған халықты оқытыўды шөлкемлестириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып Арқа-Батыс әскерий округи ҳәм Қарақалпақстан Республикасы аймақлық әскерий-ҳәкимшилик секторы тәрепинен Нөкис транспорт колледжине тийисли имаратларда кең көлемли  ири оңлаў жумыслары әмелге асырылып, Нөкис транспорт колледжи жанындағы «Қурылыс тараўының маман қәнигелерин таярлаў орайы» шөлкемлестирилген еди. Бул әсиресе, сырт еллерге барып жумыс ислеў нийети бар пуқараларымызға үлкен мүкиншилик жаратты.

Бул орай қурылыс тараўы қәнигелерин таярлаў орайы болып, пуқаралардың белгили бир қәнигелик бойынша кәсип үйрениўи, солай етип, олардың сырт еллерде нызамлы түрде жумыс ислеўи ушын үлкен мүмкиншиликлер жаратпақта.

Орайда 300 оқыўшы орнына мөлшерленген жатақхана, оқыў класслары, әмелият устаханалары, асхана жумыс ислеп тур. Орайда билим алыўшылардың кәсип сырларын терең үйрениўи ушын автобус, самосвал, жүк тийеўши, эксковатор, бульдозер ҳәм басқа да зәрүр техникалар менен тәмийинленген.

Орайда билим алып атырған пуқаралар кәсип-өнерге үйретиў оқытыў курсларында қурылыс тараўы кәсиплери бойынша көнликпелерин қәлиплестирип, шет тиллери ҳәм баратуғын мәмлекетиниң тарийхы, үрп-әдет дәстүрлери ҳәм нызамшылығы бойынша дәслепки билимлерди өзлестиреди.

Сондай-ақ, билим алыўшыларды өз халқының миллий мәденияты ҳәм тарийхый қәдириятларына ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, олардың санасына Ўатансүйиўшилик сезимин және мийнетке жуўапкершилик пенен қараўды сиңдириў, алдынғы педагогикалық усыллар ҳәм мәлимлеме технологиялары арқалы қурылыс тараўындағы илим ҳәм техниканың ең жаңа жетискенликлерин оқыў процесинде үйретип барыў да солар қатарына киреди.

Орайда 14 түрдеги (темир-бетон жумыслары, гербиш өриўши, электрогаз кепсерлеўши, ағаш усташылығы, сыбаўшы, бояўшы-безеўши, сантехникалық жумыслар устасы, электромонтажшы, көтерме кран басқарыўшысының жәрдемшиси, қаплаўшы-плиткашы, полат ҳәм темир-бетон конструкцияларды монтажлаўшы, гипсокартон монтажлаўшы, кран машинисти, жайдың төбесин бастырыўшы) кәсип-өнер үйретиледи.

Оқыў курсы ҳәр бир потокта 300ге шекем пуқараны қабыллайды. Ҳәр бир курс 2-3,5 ай даўам етеди ҳәм тийисли сертификатлар бериледи. Оқыў ушын төлемниң 90 проценти мәмлекет тәрепинен төлеп бериледи, 10 процентин оқыўшының өзи төлейди. Сондай-ақ, оқыўшыларға стипендиялар да берип барылады. Жатақханадан пайдаланыўы, аўқатланыўы бийпул.

– Мен бул жерге Төрткүл районынан келип оқып атырман,-дейди О.Абдуллаев. – Алдын автобазда ҳәм басқа да орынларда жумыс иследим. Жумыссызлық бойынша райондағы бәнтлик бөлимине хабарласқанымда, усы орайға жоллама берди. Апрель айынан берли қосымша қурылыс тараўынан да қәнигеликке ийе болыў, сырт елде жумыс ислеўим ушын бетоншы кәсиби бойынша оқып атырман.  Сырт елде жумыс ислеўимиз, белгили бир қәнигеликти ийелеўимиз, жумыс пенен тәмийинлениўимиз ушын усындай шараятларды жаратып бергени ушын басшыларымыздан миннетдармыз.

Илаж қатнасыўшылары орайда жаратылған шараятлар менен танысты.

Орайда усы күнге шекем 6 потокта жәми 1484 оқыўшы қабыл етилип, соннан 1377 оқыўшы өзлери қәлеген кәсип бойынша оқып билим алған.

Соң журналистлер Нөкис қаласы «Ишга марҳамат» моноорайына барып, ол жердеги жумыслар, оқыўшылар ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

















Бәнт болмаған халықты сервис ҳәм хызмет көрсетиў, техника, улыўма қурылыс, аўыл хожалығы тараўлары, санлы технологиялар және ишки ҳәм сыртқы мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплерге оқытыў ҳәм кәсиплик көнликпелерин арттырыў бул орайдың тийкарғы ўазыйпаларына киреди екен.

Орайда «Жаңа министрлик – жаңа ўазыйпалар» атамасында баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри С.Турманов министрлик жумысларының ең әҳмийетли бағдарларына тоқтап өтип, усы жылдың биринши ярым жыллығында әмелге асырылған жумыслар бойынша толық мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, Соңғы жылларда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў, хошаметлеў бойынша мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў имканиятының сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 25-январьдағы «Республика атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысын нәтийжели жолға қойыўға байланыслы биринши гезектеги шөлкемлестириўшилик илажлар ҳаққында»ғы пәрманына тийкарланып Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги жаңадан шөлкемлестирилди. Өткен дәўир ишинде халқымыздың абаданлығын тәмийинлеўде сезилерли жумыслар әмелге асырылды.

Жыл даўамында Республикада жәми 193 мың пуқараның (турақлы, ўақтынша ҳәм мәўсимлик) бәнтлигин тәмийинлеў белгиленген болса, бүгинги күнде ҳәр қыйлы тараўлар кесиминде 92 мың 832 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.

Соның ишинде, министрликке ҳәм оның бөлимлерине жумыс сорап мүрәжат еткен 17 мың 926 пуқара жумысқа орналастырылды. 4907 пуқара жәмийетлик жумысларға тартылып, олардың мийнет ҳақысы ушын 4,2 млрд. сум төлеп берилди. Буннан тысқары, 1538 жумыссыз пуқараға жумыссызлық напақасы тайынланды.

Халқымыздың бәнтлигин тәмийинлеўде мәкеме-кәрхана ҳәм шөлкемлер менен биргеликте өткерилип киятырған «Бос жумыс орынлары ярмаркалары»ның тутқан орны оғада гиреўли. Өткен дәўирде усы бағдарда 98 мәрте мийнет ярмаркалары шөлкемлестирилип, 1800ден аслам пуқаралардың бәнтлиги тәмийинленип, 510 пуқара кәсип-өнерге оқытылды.

Республикамызда кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар буннан былай да қызғын даўам еттириледи.

Халықтың жумыссыз қатламын кәсипке бағдарлаў, шаңарақлық ҳәм жеке исбилерменликке тартыў хәм бул ушын ҳәким жәрдемшилери тәрепинен субсидиялар, жеңиллетилген кредитлер бериў арқалы бәнтлигин тәмийинлеў, сырт елде жумыс ислеўшилерди нызамлы ҳәм тәртипли жумыс орынлары менен тәмийинлеўди тийкарғы ўазыйпамыз етип алғанбыз.

Буннан тысқары, мәҳәлле бесликлериниң жумысларын дурыс жолға қойыў, хызметкерлерди қоллап-қуўатлап барыў, аймақларда турақлы абаданластырыў жумысларын жолға қойыў да министрликтиң турақлы дыққат итибарында болады.

Илаж қатнасыўшылары қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.




Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги