Алдын хабар бергенимиздей, ӨзЛиДеП тен Халық депутатлары Беруний районлық Кеңесиниң депутаты Лола Хожаниязованың депутатлық сораўынан кейин райондағы Саркоп АПЖ ға киретуғын жердеги көпир үстинен өткен жолды оңлаў бойынша жумыслар басланғаны туўралы мағлыўматлар берилген еди.
Бул жерде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелердиң инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып, басқа да бир қатар қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылған.
Атап айтқанда, Саркоп АПЖ аймағында 4 километрлик пиядалар жолы қурылған. Усы пиядалар жолына қуяш панелли жақтыландырыўшы шырақлар орнатылған.
Жолды асфальтлаў жумыслары жуўмақланды,-дейди Л.Хожаниязова. – Оңлаў жумыслары «Хорезм жол көпир оңлаў» ЖШЖ жумысшылары тәрепинен сапалы түрде әмелге асырылды.
Халықтың узағын жақын етиўде, қыйналмай мәнзилине жетиўде бул жолдың әҳмийети үлкен. Өзимниң ҳәм аўыл халқының атынан жол оңлаў жумысларын қысқа ўақыт ишинде ақырына жеткерген қурылысшыларға миннетдаршылық билдиремен.
Районда усы бағдардағы жумыслар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги