Алдын хабар еткенимиздей, журналистика бағдарының студентлери Қанлыкөл районына шөлкемлестирилген медиатурда районда бой тиклеп атырған завод ҳәм фабрикалар, социаллық объектлерге саяхат етти.
Усындай социаллық, мәдений дем алыў орынларының бири «Арба» этномәдений орайы есапланады. Бул жерде бирнеше халықлардың миллийлигин, бийбаҳа мийрасларын өзине жәмлеген қарақалпақша, қазақша ҳәм туркменше қара үйлер тигилген.
Бул этномәдений орынның қызықлы тәрепи сонда бул жерде ҳақыйқатында да ата-бабаларымыздың ески транспортларынан бири арбаның ағаштан исленген үлкен көлемдеги макети исленген, оның ишинде дем алыў ушын бийпул хана ажыратылған.
Бул орынға келгенимизде Орта Азия халықлары мәдениятының дослығын көрсетиўши концерт бағдарламасы қойып берилди.
Медиатур даўамында район ҳәкимлиги тәрепинен «Мәденият» аўыл пуқаралар жыйынында бос турған жердиң халықтың мәдений дем алыў орайына айландырылғанының гүўасы болдық. 2017-жыл ғәрезсизлик байрамына район халқына тапсырылған бул орында районда аты белгили художник Полат Абдиреймов тәрепинен сызылған сүўреттке қарап исленген китап естелиги орналасқан болып, сондай-ақ, ол жерде киши футбол майданшасы, балалар ушын аттракционлар жайласқан.
Еслетип өтемиз, китап ушын орнатылғанбундай естелик Қарақалпақстанда бириншилерден болып Қанлыкөл районында исленген.
Парахат Ажимуратов,
ҚМУ журналистика бағдарының 2-курс студенти.