Инсаният қолы менен аўыр апатшылыққа ушыраған Арал теңизиниң жағалары бүгинги күнде туристлер ушын дем алыў аймағына айланбақта. Дүньяның түрли мәмлекетлеринен келетуғын туристлер бул аймаққа адамзаттың орны толмас қәтеси себепли жан тәслим етип атырған уллы көлди өз көзи менен көриўди мақсет етип келеди.
– Әйне ўақытта Арал теңизиниң суўы сақланып қалған Ақтумсық мурнында теңиз жағаларында туристлердиң сейил етиўи, теңиздиң дузлы суўында жүзиўи ҳәм тәкирарланбас Арал, Үстирт ландшафтларын тамашалаўы мүмкин, – дейди Қарақалпақстан Республикасы туризмди раўажландырыў басқармасының баслығы Байрам Қосекеев. – Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланған бағдарлама бойынша «Tazabay Grand Service» және «Muynak tour» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери тәрепинен Ақтумсық мурнында қара үйлерден ибарат туристлик комплекслер шөлкемлестирилди. Ҳәзирги ўақытта Ақтумсық мурнында улыўма 13 қара үй тигилген. Бул комплекслер биоҳәжетхана, асхана, санузель, душханаларды өз ишине алады.
Буннан тысқары «Muynak tour» кәрханасы тәрепинен Мойнақ районында ески Арал теңизинде, яғный «Ашық аспан кемелер музейи» әтирапында 4 қара үйлер туристлерге хызмет етпекте.
Бул аймақта «Мойнақ» маяги ҳәм кафеси шөлкемлестирилген. Бул объекттиң әтирапы абаданластырылған. Арал теңизиниң карталары ҳәм тарийхы жазып қойылған. Мойнақ қаласының орайлық көшесинен «Ашық аспан кемелер музейи»не алып баратуғын жол асфальтланған ҳәм район орайында 30-40 хызмет көрсететуғын жаңа еки мийманхана жумыс жүргизбекте.
– Өзбекстан бойлап еки ҳәптеден берли саяхат етпектемен, – дейди франциялы Муния Муни. – Қурып атырған Арал теңизин өз көзим менен көриў арзыўым еди. Бул жерде экотуризмниң раўажланып атырғанынан қуўанышлыман. Барлық досларыма әлбетте Аралға саяхат етиўин усынаман.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районын 2017-2018-жылларда экономикалық раўажландырыў ҳәм бәнтликти тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында районды туристикалық орайға айландырыўға байланыслы үлкен қурылыс жумыслары әмелге асырылды ҳәм қатар илажлар өткерилди. Сондай әжайып илажлардан бири – «Арал балықларынан 99 түрли тағамлар» гастрономикалық фестивалы көпшиликтиң итибарына еристи. Ҳәр жылы өткерилиўи нәзерде тутылған усы фестиваль усы жылда да өткерилиўи режелестирилген.
Анвар Насирлаев,
ӨзА