Еки муқаддес мешиттиң хызметкери – Саудия Арабстан Патшасы Салмон бин Абдулазиз Ол Саудтың мирәт етиўине бола Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев усы жылы 18-19-июль күнлери Жидда қаласында болып, Орайлық Азия ҳәм Буғаз араб мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси жетекшилериниң биринши саммитинде қатнасты.

Саудия Арабстанның Мийрасқоры, Министрлер Кабинетиниң Баслығы Шайх Муҳаммад бин Салмон Ол Сауд басшылығында өткен илажда Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, Қатар Мәмлекетиниң Әмири Шайх Тамим бин Ҳамад Ол Соний, Бирлескен Араб Әмирликлери Бас министри Шайх Муҳаммад бин Рошид Ол Мактум, Кувейт Мәмлекети Әмириниң орынбасары, Мийрасқор шайх Мишъал ал-Аҳмад ал-Жобир ас-Сабоҳ, Оман Султанлығы Бас министриниң орынбасары Шайх Асад бин Ториқ ал-Саид, Бахрейн Патшасының арнаўлы ўәкили Шайх Носир бин Ҳамад Ал Халифа ҳәм Кеңестиң бас хаткери Жасим Муҳаммад ал-Будайвий  де қатнасты.

Күн тәртибине муўапық, конструктивлик сиясий сөйлесиўди жеделлестириў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў, мәдений-гуманитарлық байланысларды беккемлеў мәселелери додаланды. Регионаллық ҳәм халықаралық сиясаттың әҳмийетли тәреплери бойынша пикир алысылды.

Президентимиз өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Орайлық Азия ҳәм Буғаз регионы халықлары арасындағы қатнасықлар тарийхы терең екенин, тығыз саўда байланыслары, бирдей қәдирият ҳәм дәстүрлер, муқаддес ислам динимиз олардың негизин қурайтуғынын айрықша атап өтти.

Маўераннаҳр ҳәм Арабстан үлкелери арасындағы тарийхый байланысларды раўажландырыўда уллы ойшыл ҳәм алым бабаларымыздың шексиз хызметлериниң бар екени атап өтилди. «Барлық мухаддислердиң сәрдары» – уллы алым Имам Бухарий мине усындай тулғалардың бири болып есапланады.

– Мусылман дүньясындағы алты уллы мухаддистиң екеўи  регионымызда туўылып камалға келгени, Әййемги Бухара болса «Қуббатул Ислам» аты менен жоқары мәртебеге ерискенимизди мақтаныш етемиз. Бизге белгили, тоғызыншы әсирдиң басында Аббасийлер мәмлекети пайтахтындағы «Данышпанлар үйи» академиясында Орайлық Азиялы 200 ден аслам алымлар илимий жумыс алып барған. Муса Ал-Хорезмий, Абу Райхан Беруний, Аҳмад Ферғаний, Ибн Сино сыяқлы уллы алымларымыз болса бийбаҳа илимий шығармаларды әйне гөззал ҳәм толық араб тилинде жаратып, пүткил дүнья жүзинде даңққа ерискен, – деди Өзбекстан басшысы.

Ҳәзирги жағдайға баҳа берип, мәмлекетимиз жетекшиси бүгинги қәўип-қәтерлерге қарамастан, еки регион да тынышлық, турақлылық ҳәм раўажланыў мәканы болып киятырғанын атап өтти. Ҳәзирги ўақытта Орайлық Азия ҳәм Буғаз мәмлекетлери бир-бирине исенимли ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўши сыпатында қарамақта.

Кейинги жылларда Өзбекстанның Буғаз мәмлекетлери менен байланыслары жаңа басқышқа көтерилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Бул унамлы тәжирийбеден келип шығып, регионларымыз арасындағы әмелий бирге ислесиўди бир қатар бағдарларда кеңейтиў усыныс етилди.

Сиясий тараўда. Өзбекстан басшысы кең көлемли бирге ислесиўди түрли форматларда раўажландырыў әҳмийетли екенлигин көрсетип өтти.

Дос мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымызды және де жақынластырыў мақсетинде келешекте көп тәреплеме Дослық, регионлараралық байланыслылық ҳәм бирге ислесиў келисимин ислеп шығыў мәселесин үйрениў усыныс етилди.

Екинши бағдар – жоқары технологиялар ҳәм инвестициялар тараўындағы бирге ислесиў. Мәмлекетимиз басшысы инновациялар, «жасалма» интеллект, «жасыл» экономика, санластырыў, «ақыллы» аўыл хожалығы, нано- ҳәм биотехнологиялар тараўларындағы бирге ислесиў платформалары ҳәм жумысшы механизмлерди жаратыў зәрүрлигин атап өтти. Бизнес ўәкиллериниң қатнасыўында Қоспа инвесторлар кеңесин шөлкемлестириў ҳәм оның дәслепки мәжилисин Самарқандта өткериў басламасы алға қойылды.

– Регионымызда Буғаздағы бирге ислесиўшилер тәрепинен шөлкемлестирилген инвестициялық фондлардың потенциалынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм жетекши банклердиң жумысын кеңейтиўден мәпдармыз. Сондай-ақ, «жасыл» энергетика жойбарларын биргеликте әмелге асырыў мақсетинде өз алдына «Жол картасы»н қабыл етиў әҳмийетли, деп есаплайман, – деди Өзбекстан Президенти.

Үшинши бағдар саўда ҳәм транспорт байланысын күшейтиўден ибарат. Мәмлекетимиз басшысы Буғаз мәмлекетлери менен еркин саўда режимин енгизиў, техникалық регламентлерди үйлестириў ҳәм еркин коммерцияластырыўды раўажландырыў айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Усы мүнәсибет пенен көп тәреплеме Саўда келисимин ислеп шығыў ҳәм қабыллаў мәселесин ислеп шығыў усыныс етилди.

Транспорт ҳәм транзит тараўында Орта транспорт коридорында ең оптимал тарифлерди қолланыў, Аўғанстан арқалы мультимодал коридорлардан кеңнен пайдаланыў, тиккелей авиақатнаўларды мақсетли субсидиялаў жәрдеминде көбейтиў усынысы билдирилди.

Мәмлекетимиз басшысы бирге ислесиўшилерди Буғаз мәмлекетлерин ең жақын ҳәм қолайлы жол арқалы регионымыз бенен байланыстыратуғын Транс-Аўған темир жолын қурыў стратегиялық жойбарында белсене қатнасыўға шақырды.

Гезектеги әҳмийетли бағдар – экология ҳәм климат өзгериўи мәселелери. Елимизде ашылып атырған Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети негизинде биргеликте халықаралық изертлеўлер бағдарламасын ислеп шығыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Қатнасыўшылардың итибары бесинши бағдар – туризм тараўына қаратылды. «Буғаз – Орайлық Азия» бирден-бир визасыз туристлик мәканды ҳәм туристлер ушын мөлшерленген заманагөй кластерлерди жаратыў, биргеликтеги туристлик өнимлерди көбейтиў ҳәм 2024-жылы Ислам дүньясы туризм пайтахты, деп жәриялаған Хийўа қаласында регионларымыздың жетекши туристлик операторлары форумын өткериў усыныс етилди.

Ислам бирге ислесиў шөлкеми шеңберинде дүнья жүзинде бақланып атырған исломофобия жағдайларына қарсы биргеликте гүресиў мәселесине айрықша тоқтап өтилди.

Буннан тысқары, терроризм, экстремизм ҳәм радикализмға қарсы гүресиў тараўында, сондай-ақ, бундай қәўип-қәтерлерди Интернет ҳәм басқа да қураллар арқалы тарқалыўдан жасларды қорғаў бағдарындағы бирге ислесиўди беккемлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Өзбекстан Президенти Аўғанстанда тынышлыққа ерисиў мәселелерине тоқтап өтти.

– Бизиң регионларымыз интакер болып, үлкен минберлерден Аўғанстан машқалаларына пүткил дүнья жүзи итибарын тартыўымыз, аўған халқының турмысын жеңиллетиўге мүнәсип үлес қосыўымыз керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Сөзиниң жуўмағында Президентимиз бүгинги тарийхый саммит нәтийжелери әлбетте Буғаз ҳәм Орайлық Азия регионлары арасындағы көп тәреплемели байланысларды пүткиллей жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет ететуғынына исеним билдирди.

Мәжилис жуўмағында Биргеликтеги билдириў қабыл етилди.

Саммит қатнасыўшылары Өзбекстан Республикасының «Орайлық Азия – Буғаз» араб мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси» форматындағы гезектеги жоқары дәрежедеги ушырасыўды Самарқанд қаласында өткериў усынысын қоллап-қуўатлады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев саммит шеңберинде Саудия Арабстаны Патшалығының Мийрасқоры, Бас министр Муҳаммад бин Салмон Ол Сауд пенен ушырасыў өткерди.

Мийрасқор мәмлекетимиз басшысын болып өткен Президент сайлаўындағы исенимли жеңиси менен қызғын қутлықлап, Өзбекстанның көп миллетли халқына тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Мәмлекетимиз жетекшиси, өз гезегинде, Саудия Арабстаны басшысына елимиз пуқараларының ҳаж ҳәм умра әмеллерин орынлаўға жаратылған шараятлар ушын қызғын миннетдаршылық билдирди.

Сөйлесиўлерде Өзбекстан – Саудия қатнасықларын және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Өз-ара сөйлесиў ҳәм алмасыўлар жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өткен жылдың август айында болып өткен еки тәреплеме саммит даўамында қабыл етилген келисимлерди сөзсиз әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Усы жылдың басынан товар алмасыў көлеми 20 процентке, қоспа кәрханалар саны еки есеге артты. Жетекши «Acwa Power» компаниясының қатнасыўында «жасыл» энергетикада әҳмийетли жойбарларды әмелге асырыў басланды. «Жасыл водород», нефть-химия, аўыл хожалығы, фармацевтика, медицина, туризм ҳәм басқа да тармақларда ири инвестициялық жойбарлар ислеп шығылмақта.

Ушырасыўда халықаралық сиясат мәселелери бойынша да пикир алысылды.

*   *  *

Мәмлекет басшысы лаўазымына сайланғаннан кейин дәслепки сырт елге сапары менен Саудия Арабстанында болып турған Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев муқаддес Мекке қаласына барды.

19-июль – ислам дүньясында басланған хижрий 1445-жыл муҳаррам айының биринши күнинде мәмлекетимиз басшысы ихрамға кирип, умра әмеллерин орынлады. Каабаның ишинде намаз оқыў бахтына миясар болды.

Шавкат Мирзиёев динимиз дәстүрлерине муўапық Кааба әтирапында жети рет таваф, Сафо ҳәм Марва төбеликлери арасында жети рет жүрди. Ўатанымыздың раўажланыўы, елимиздиң тынышлығы ҳәм абаданлығы, барлық ўатанласларымыз, жас әўладымыздың бахыт-ығбалы ҳәм жарқын келешегин тилеп пәтия етти.

Сол күни Каабаның кисвасын алмастырыў мәресими болып өткенин атап өтиў керек.









Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Саудия Арабстанына әмелий сапары жуўмақланды.




ӨзА