Мойнақ районы ғәллекешлери орым-жыйын мәўсимин аўызбиршилик пенен жуўмақлап, ҳәзирги ўақытта ғәлледен босаған майданларға қайта егин егиў жумыслары алып барылмақта.

Районда жасаўшы кем тәмийинленген, материаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың ҳәр бирине қайта егин егиў, руўзыгершилигиниң кемисин толтырыўы ушын жер майданлары ажыратып берилди.

Атап айтқанда, Қызылжар аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы ғәлледен босаған 2 гектар жер майданы аймақтағы 8 жумыссыз жасқа бөлип берилди.

– Усы арқалы, «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери»нде турған кем тәмийинленген шаңарақлар, жумыссыз жаслар ҳәр бир қарыс жерди қәдирлеп, атызларда мийнет етиўи ҳәм дәрамат табыўы ушын шараят жаратып берилмекте, -дейди Жаслар ислери агентлиги Мойнақ районлық бөлими баслығы Парахат Умирзақов. -Ҳәзирги ўақытта жасларымыз жерден пайдаланып, дәрамат алыўға кирисип кеткен. Бул болса, азық-аўқат молшылығын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Бул процессте район ҳәкимлиги ўәкиллеринен ибарат жумысшы топарлар тәрепинен егислик жерлердиң фермер хожалықлары тәрепинен таярланып, суўғарып, культивациялап берилиўи де айрықша қадағалаўға алынған.


Мағлыўмат ушын, быйылғы жылы районда ғәлледен босаған жәми 300 гектар жер майданында қайта егин егиў менен бирге, шарўашылық ушын талап етилетуғын резервти таярлаў мақсет етилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги