Тақыятас ыссылық электр станциясында  жәми қуўатлылығы 1040 кВт болған қуяш фотоэлектр станциясыныӊ қурылысы жуўмақланып, толық иске түсирилди.

Президентимиздиӊ усы жыл 16-февральдағы “2023-жылда қайта тиклениўши энергия дәреклерин ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды енгизиўди жеделлестириў илажлары ҳаққында”ғы  қарары тийкарында “Ыссылық электр станциялары” акционерлик жәмийетинде ҳәм тараўдағы кәрханаларда электр нәтийжелилигин арттырыў, қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыўды кеӊейтиў, инновациялық раўажланыўды жеделлестириў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша кеӊ көлемли жумыслар алып барылмақта.

Усы фотоэлектр станциясына монокристалл түриндеги 1500 ден аслам панель орнатылған болып,  “Оn Grid” режиминда ислеўге мөлшерленген. Бул энергия үнемлеўши технологияларды кеӊнен ен жайдырыў арқалы кәрхананыӊ өз талабы ушын жумсалатуғын электр энергиясын қуяш фотоэлектр станциясыныӊ жәрдеминде қаплаў режелестирилген.

Жасыл фотоэлектр станциясыныӊ иске түсирилиўи менен жылына қосымша 1,8 млн.кВт.саат әтирапында электр энергиясы ислеп шығарылады. Усыныӊ нәтийжесинде  суткасына 7000 кВт.саат электр энергиясы ҳәм жылына 400 мыӊ.куб метр тәбийғый газ үнемлениўие ерисиледи. Сондай-ақ фотоэлектр станциясы тәрепинен ислеп шығарылған электр энергиясы шама менен 500 шаӊарақты электр энергиясы менен тәмийинлеўге жетеди.

Буннан тысқары, станциядағы ири энергоқурылмалардыӊ электрдвигателлерине частотаны тәртипке салыўшы қурылмалар, 380 дана қуяш панелли көше жарытқышлары ҳәм 260 дана ҳәрекет датчиги имаратларға орнатылып, 253,2 мыӊ.кВт.саат электр энергиясы үнемленбекте. Сондай-ақ, жәми сыйымлылығы 2800 литрге теӊ болған қуяш суў ысытқышы орнатылған болып, станциядағы жуўыныў бөлмелери толық қуяш суў ысытқышына өткерилди. Бүгинги күнге шекем усы қуяш суў ысытқышларыныӊ орнатылыўы нәтийжесинде   35,4 мыӊ.м3 тәбийғый газ ямаса 255,4 Гкал ыссылық энергиясыныӊ үнемлениўине ерисилди.

Ҳәзирги ўақытта кәрханада энергия үнемлеўши үскенелерди кеӊнен енгизиў мақсетинде илажлар ислеп шығылған болып, қуўатлылығы 90 Вт лы 250 дана ҳәм 150 Вт лы 130 дана, 27 дана частотаны тәртипке салыўшы қурылма ҳәм 100 дана ҳәрекет (сенсор) датчигин орнатыў жумыслары алып барылмақта.


Д.АБИБУЛЛАЕВ.

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы