Әдиллик министрлиги тәрепинен ислеп шығылған «Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер тәрепинен социаллық пайдалы бағдарламалар ҳәм жойбарлардың әмелге асырылыўында социаллық шериклик ҳәм халықаралық бирге ислесиўди және де қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы қарар жойбары жәмийетшиликтиң додалаўына қойылды.

Жойбар мәмлекетлик емес шөлкемлер тәрепинен сыртқы дәреклерден қаржы алыў ҳәм грант жойбарларын әмелге асырыў тәртибин және де жетилистириў ҳәм әпиўайыластырыўды нәзерде тутады.

Жойбар менен Ҳүкиметтиң еки қарары (2019-жыл 9-октябрьдеги 858-санлы ҳәм 2022-жыл 13-июньдағы 328-санлы) бир ҳүжжетке бирлестирилмекте.

Жойбар менен бир қатар талапларды бийкарлаў нәзерде тутылмақта. Соның ишинде, мәмлекетлик емес шөлкемлердиң грант жойбарын әмелге асырыў бойынша Сыртқы ислер министрлигиниң жуўмағын алыў бийкар етиледи.

Грант жойбарын әмелге асырыўға бириктирилген миллий бирге ислесиўши тәрепинен жойбарға өзгертиў ҳәм қосымшалар киргизиў сондай-ақ, оның мүддетин белгилеў бойынша усыныслар бериў шәрт болмайды.

Баҳасы БЕМниң 2 мың есесине шекемги грант жойбары «жол картасы»н миллий бирге ислесиўши менен биргеликте тастыйықлаў, баҳасы БЕМниң 2 мың есеси ҳәм оннан жоқары болған грант жойбары «жол картасы»н Министрлер Кабинети менен келисиў, грант жойбары «жол картасы» орынланыўына бағышланған мәжилислер өткериў, грант жойбарына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы қарарларды Әдиллик министрлиги ҳәм Министрлер Кабинети менен келисиў, грант жойбары «жол картасы» орынланыўының жуўмағы бойынша улыўмаластырылған мағлыўматты Әдиллик министрлиги ҳәм Министрлер Кабинетине киргизиў сыяқлы тәртиплер бийкар етиледи.

Әдиллик министрлиги тәрепинен миллий бирге ислесиўшиден «жол карталары»ның орынланыўы бойынша ҳәзирги ҳәм жуўмақлаўшы мағлыўмат сорап алынбайды.

Мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер арасында қол қойылатуғын меморандумлар жойбарларын Әдиллик министрлиги ҳәм Сыртқы ислер министрлигине көрип шығыў ушын киргизиў шәрт болмайды.

Буннан тысқары, жойбарда жаңа қағыйдалар беккемлеп қойылмақта. Бириншиден, ақша қаржылары ҳәм мүлк алыныўын келисиў талап етилмейтуғын жағдайлар дизими кеңейтиледи.

Екиншиден, мәмлекетлик уйымлар тек ғана улыўма баҳасы БЕМниң мың есеси (330 миллион сум) ҳәм оннан жоқары болған жойбарларға бириктириледи.

Үшиншиден, мәмлекетлик емес шөлкемлер тәрепинен халықаралық грант жойбарларын әмелге асырыў жуўмақлары бойынша жойбар нәтийжеси ҳаққындағы мағлыўматлар www.e-ngo.uz порталына жайластырылады.

Төртиншиден, мәмлекетлик емес шөлкемниң грант жойбарында бирге ислесиўши сыпатында қатнасыўшы мәмлекетлик шөлкемди өзгертиў тәртиби анық белгиленеди.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы