Елимизде шарўашылық өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеў тараўында алдыңғы сырт ел технологияларын енгизиў, фермер хожалықлары ҳәм аўыл хожалығы шөлкемлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, олардың өндирислик потенциалын арттырыў мақсетинде Франция раўажланыў агентлиги менен бирге ислесилмекте.

Франция раўажланыў агентлиги 2022-2026-жыллары Өзбекстанда шарўашылық тараўын раўажландырыўды қаржыландырыў мақсетинде 100 миллион евро кредит ажыратпақта. Қаржы 15 жыл мүддетке, соның ишинде, 4 жыллық жеңиллетилген дәўир менен берилмекте. Жойбар дәслеп Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент, Жиззақ, Сырдәрья, Қашқадәрья, Самарқанд ҳәм Бухара ўәлаятларында әмелге асырылады. Жойбар шеңберинде нәзерде тутылған илажлардың 50 проценттен асламы қаржыландырылғаннан соң, қалған аймақларда да енгизиледи.


Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесинде Франция раўажланыў агентлигиниң Ташкент қаласындағы бас офиси ўәкилханасының ўәкиллери менен 5 жылға мөлшерленген «Шарўашылық тараўын турақлы раўажландырыўды қаржыландырыў» жойбарын әмелге асырыў бағдарындағы мәселелер додаланды.

Жойбардың улыўма баҳасы 147,7 миллион евро болып, соннан 100 миллион евроны Франция раўажланыў агентлиги 29,96 миллион евро бенефициарлар, 17,1 миллион евро Өзбекстанға тийисли.

– Бул жойбар шеңберинде кеңес шарўашылықты раўажландырыў бағдарындағы бир қатар имканиятларын иске қосады,-дейди Кеңес баслығының орынбасары Т.Сатторов. – Ҳәзирги ўақытта Франция раўажланыў агентлиги тәрепинен ҳәр қыйлы аймақларда жумыс алып барып атырған 80 фермер хожалығына 15 миллион евро әтирапында кредит ажыратылды.

Сапардың жуўмағында еки тәреп биргеликте аймақлық оқыў орайларында шарўашылық өнимлерин жетистириў, қайта ислеў, ишки ҳәм сыртқы базарларда сатыў ҳәм оқыў курсларын шөлкемлестириў бойынша режелерди келисип алды.


Нилуфар БОЗОРОВА,

ӨзАның хабаршысы