Көплеген абитуриентлер тәрепинен келип атырған мүрәжатлардан келип шығып, my.uzbmb.uz сайтында дизимнен өткен, бирақ телефон номерин жоғалтқан талабанлар ушын тийисли өзгерислер киргизилген.

Енди my.uzbmn.uz сайтында дизимнен өткен телефон номерин жоғалтқан талабанлар жаңа телефон номери арқалы дизимнен өтиўи мүмкин.

Онда талабан жаңа телефон номери арқалы дизимнен өтип, жеке идентификация номерин (ЖШШИР) киргизгенде оның барлық мағлыўматлары жаңа номерине автомат тәризде өтеди.

 

Мухаббат Нөкисбаева,

Қарақалпақстан хабар агентлиги