You tube видеохостинги пайдаланыўшы параметрлерине “турақлы даўыс дәрежеси” деп аталатуғын қосымша функцияны қосты. Бул ҳаққында Android Authority рәсмий дәреги хабар берди.

Ҳәзирше You tube бул жаңалықты рәсмий түрде жәриялағаны жоқ. Бул функцияны биринши болып белгили блогер Бриндон Ли сезди.

Таза функцияны қолланып көрген пайдаланыўшылардың айтыўына қарағанда, бул функция видеоның даўыс дәрежесин теңлестириўге, яғный видео түсириў ўақтында қатты бақырыўдың ямаса фонның көлемин азайтыўға, сондай-ақ видеолардағы қатты даўысларды жумсартып төмен даўысларды көтериўге мүмкиншилик береди.

 

Мухаббат Нөкисбаева,

Қарақалпақстан хабар агентлиги