2023-жылдың 1-декабрине шекем мәмлекетимиздеги район ҳәм қалаларда атмосфера ҳаўасының патасланыўы мониторингин әмелге асырыў ушын 347 автоматласқан киши станция орнатылады.

Бул Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 31-майдағы “Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўын транформациялаў ҳәм кепилликли мәмлекетлик уйымның жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы пәрманына бола әмелге асырылады.

Сондай-ақ, киши станцияларды жайластырыўда район ҳәм қалалардың географиялық жайласыўы, климатлық көрсеткишлери ҳәм санаатласыўы инабатқа алынады.

2024-жылдың 1-январынан Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы аймағында орнатылған автоматласқан киши станциялардың мағлыўматлары бирден-бир геомәлимлеме мағлыўматлар базасына интеграциялаў арқалы визуалластырылып, рәсмий веб-сайтларда реал ўақыт режиминде турақлы түрде жаңаланып барылады.

 

Наргиза Жақсымуратова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги