Қытайда инглис тилинде басып шығарылатуғын абырайлы «Global Times» газетасында 9-июль күни Өзбекстанда болып өткен Президент сайлаўына бағышланған мақала басып шығарылды.

Мақалада Либерал-демократиялық партиясынан талабан – әмелдеги Президент Шавкат Мирзиёев сайлаўда 87,05 процент даўыс пенен жеңиске ерискени, Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы сайлаў ҳақыйқый бәсеки шараятында, халықаралық стандартқа, миллий нызамшылыққа муўапық өткенин айтқаны атап өтилген.

«Global Times»тың жазыўынша, соңғы жыллары республикамызда бир қатар тарийхый өзгерислер жүз берди – мәмлекет экономикасының көлеми еки есеге өсти ҳәм келеси жыллары жалпы ишки өним 100 миллиард доллардан артыўы күтилмекте.

– Дүнья экономикасындағы кризис, сыртқы орталықтың турақсызлығына қарамастан, Өзбекстан экономикасы өсиўиниң орташа 5 процентлик жоқары пәтин сақлап қалыўға еристи,-деп жазады баспа. – Халықаралық валюта қорының мағлыўматына бола, 2023-жылдың ақырына келип, ЖИӨниң 6 процентке өсиўи күтилмекте. Бул мәмлекеттиң жедел раўажланып атырғанынан дәрек.

«Global Times» Қытай Социаллық илимлер академиясының Россия, Шығыс Европа ҳәм Орайлық Азия институтының директоры Сун Чуанчжидиң пикирине сүйенген ҳалда, Шавкат Мирзиёев өзин «Инсан ең уллы қәдирият» принципине тийкарланған Жаңа Өзбекстанды жарата алатуғын реформатор сыпатында көрингени, миллет жетекшиси статусына ерискен болып, мәмлекетти раўажландырыў, модернизациялаўға жетеклеп атырғанын атап өтеди. «Әмелге асырылып атырған реформалар себепли Өзбекстан турақлы раўажланыў пәтин, күш-қүдирети ҳәм потенциалына толық сүйенген ҳалда, өз ғәрезсизлиги, халқының тыныш-татыў турмысын қорғаў қәбилетин көрсетип ҳәм жедел раўажланып атырған мәмлекетке айланды»,-деп жазады редакция.

Соның менен бирге, мақалада Президент Шавкат Мирзиёевтиң жедел сыртқы сиясаты Орайлық Азияда жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара исенимди беккемлеўге қаратылған ең тийкарғы бағдары сыпатында қабыл етилгени, бул болса регионаллық бирге ислесиў процесин раўажландырыўда түпкиликли өзгерислерди тәмийинлеп атырғаны, бирге ислесиўдиң жаңа орталығын жаратып, регион мәмлекетлериниң өз-ара байланыслылығын беккемлегени айрықша атап өтилген.

«Global Times» дүнья көлеминдеги ең әҳмийетли ўақыяларды жарытатуғын инглис тилиндеги абырайлы редакция болып есапланатуғынын атап өтиў керек.

ӨзА