27-июнь — Баспасөз ҳәм ғалаба хабар

қураллары хызметкерлери күни

Усы жыл 27-июнь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күнине бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы А.Орынбаев  жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң атынан кәсиплик байрам менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, инсаният тарийхында баспасөз ҳәм ғалаба хабар қуралларының жумысы барлық дәўирлерде де машақатлы ҳәм жуўапкершиликли болып келген. Әсиресе, бүгингидей глобалласыў дəўиринде ашық-айдынлықты ҳәм жәриялылықты тəмийинлеў – тараў хызметкерлеринен ҳəр қашанғыдан да айрықша жуўапкершиликти, тынымсыз излениўлерди талап етпекте.

Сонлықтан да, елимиз турмысында жүз берип атырған өзгерислер менен жаңаланыўларды халыққа жеткериўде, жәмийетимизде миллий идея, жаңаша идеология ҳәм көзқарасты қəлиплестириўде, жас әўладты ана-Ўатанға садықлық, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўда, елимиз тынышлығын сақлаўда ҳəм миллетлер аралық дослық байланысларын жəне де беккемлеўде, халқымыз турмысында ушырасып атырған мəселе ҳəм машқалаларды үйрениў ҳәм оларға унамлы шешим табыўда тараў хызметкерлериниң дөретиўшилик мийнети əҳмийетли орын ийелейди.

Әсиресе соӊғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында мәлимлеме ҳәм сөз еркинлигин тәмийинлеў, ғалаба хабар қуралларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, тараў пидайыларын мүнәсип хошаметлеў, халыққа қалыс ҳәм исенимли мәлимлемелерди жеткериў, барлық тараўларда әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Бул процессте Президентимиз атап өткениндей, ҳақыйқат ҳәм әдилликти өз ўазыйпасы деп билетуғын барлық журналистлер – реформалардың белсенди қатнасыўшылары болып табылады. Әлбетте, бундай тәрип олардың жәмийеттеги орны қаншелли әҳмийетли екенлигин белгилеў менен бирге, ҳәр бирине өзгеше илҳам-йош, күш-қуўат ҳәм үлкен исеним бағышлайды.

Өйткени, бул кәсип ийелери ҳаққында сөз болғанда, халқымыз ең дәслеп елимизде жәмийетлик – сиясий реформаларды, демократиялық жаңаланыўларды кеңнен ен жайдырыўға үлес қосып киятырған, жаңаша пикирлейтуғын, бәршени ийгиликли мақсетлерге бағдарлайтуғын инсанларды көз алдына келтиреди. Сонлықтан да, бүгинги дəўир медиа тараўы ўәкиллеринен елимизде болып атырған жаңаланыў процесслериниң ҳәр қашанғыдан да белсенди қатнасыўшысы болыўды талап етпекте.

Усы жылдың 3-март күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде дөретиўши инсанлар менен ушырасыў өткерилип, онда көтерилген мəселелер бойынша “Жол картасы” ислеп шығылды ҳəм оның орынланыўы турақлы қадағалап барылмақта. Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, журналист ҳəм блогерлердиң пикир-усыныслары тийкарында, сондай-ақ, олар тəрепинен быйылғы жылдың өзинде 661 миллион сумлық қаржы есабынан Қарақалпақстан радиосына радио толқынларын узатыў антенналары сатып алынбақта,  2 миллиард 339 миллион сумлық қаржы есабынан Қарақалпақстан телевидениесиниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў илажлары көрилмекте. Буннан тысқары, 757 миллион сумнан аслам қаржы ажыратылып, “Баспасөз үйи” имаратында “Медиа-орай” шөлкемлестирилмекте. Жыл басынан берли мəмлекетлик уйымларға республикалық газета-журналларға жазылыўды шөлкемлестириў мақсетлери ушын 2 миллиард 119 миллион сум қаржы ажыратылды. Тараў пидайыларының мийнетлери менен 12-июньнен баслап санлы телеузатқыш арқалы Тахтакөпир, Қараөзек ҳəм Шымбай районлары халқы жергиликли мəмлекетлик емес телеканалларды, яғный “Әмиўдəрья ТВ”, “Жаслар ТВ” ҳəм “Елликқала ТВ” телеканалларын тест режиминде көриў имканиятына ийе болмақта. Сондай-ақ, “Нөкис ФМ” радио-эфири көлемин кеңейтиў мақсетинде Тахтакөпир радио-телевизииялық станциясына 500 ватлы радиоузатқыш ҳəм антенна қурылмалары орнатылды.

Быйылғы жылы жәмийетлик-сиясий турмысымыздағы жаңаланыўларды кең жәмийетшиликке жеткериўде айрықша әҳмийетке ийе, халқымыздың руўхый дүньясын байытыўда салмақлы орны бар “Қарақалпақстан” баспасы өзиниң 95 жыллық, “Тўрткўлнама” газетасы 90 жыллық, “Шоманай нуры” газетасы 70 жыллық, “Давр кўзгуси” газетасы 45 жыллық, “Қарақалпақстан мәденияты” газетасы 30 жыллық, “Шыпакер» газетасы 25 жыллық қутлы сәнелерин кең түрде белгилеўи – қарақалпақ журналистикасы мүнәсип раўажланыў жолын басып өткенин және бир мәрте дәлиллейди.

Байрам мүнəсибети менен өз кəсибине деген садықлығы, дөретиўшилик табыслары, тынымсыз излениўлери менен ажыралып киятырған бир қатар тараў пидайылары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарары менен мәмлекетлик сыйлық, көкирек белгилери ҳəм Ҳүрмет жарлықлары, сондай-ақ, баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Салтанатлы мәжилис қатнасыўшыларына республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.