Ассалаўма әлейкум, қәдирли дослар!

Ҳүрметли мийманлар!

Бәринен бурын, сиз, әзизлерди Халықаралық түркий мәденият шөлкеми – ТҮРКСАЙ шөлкемлестирилгениниң 30 жыллығы менен қызғын қутлықлайман.

Түркий дүньяның белгили мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлерин, шайыр ҳәм художниклери, кинодөретиўшилерин, талантлы жасларды Ташкентте өтип атырған халықаралық мәденият конференциясында көрип турғанымыздан оғада қуўанышлымыз.

Өзбекстан жерине хош келдиңиз!

Биз әзелден тарийхы, тили ҳәм дини, үрп-әдет ҳәм дәстүрлери, бүгинги арзыў-нийетлери бирдей болған халықларымыз арасында дослық ҳәм аўызбиршилик қатнасықларын беккемлеўде ТҮРКСАЙдың үлкен орны ҳәм әҳмийети бар екенин миннетдаршылық пенен атап өтемиз.

Ҳәзирги күнде глобаллық дүньяда жеделлик пенен болып атырған процесслер бәршемизден сиясий, социаллық-экономикалық бирге ислесиў менен бирге, илим, тәлим-тәрбия, мәденият ҳәм көркем өнер, әдебият, денсаўлықты сақлаў, туризм, спорт сыяқлы әҳмийетли тараўларды раўажландырыў бағдарында биргеликте ҳәрекет етиўди талап етпекте.

Түркий миллетлердиң руўхый бирлигин тәмийинлеў, бирдей қәдириятларымызды қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыў, улыўма байлығымыз болған сийрек ушырасатуғын тарийхый мийрасымызды үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў, уллы ата-бабаларымыздың естелигин мәңгилестириў бағдарында кең көлемли мәдений-гуманитарлық бағдарламалар әмелге асырылып келинбекте.

ТҮРКСАЙ тәрепинен өткерилип киятырған ири конференциялар мәденият ҳәм көркем өнер тараўын қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў менен бир қатарда халықларымыз арасындағы туўысқанлық байланысларын беккемлеўге хызмет етип атырғаны итибарға ылайық болып табылады.

Соның ишинде, өткен дәўир даўамында Астана, Түркстан, Ескишахар, Кастамону, Бурса, Қазан, Мари, Шеки, Ош ҳәм Хийўаның Түркий дүньяның мәденият пайтахты деп жәрияланғаны бул ески ҳәм гөззал қалаларымыздың данқын және де арттырды, десек, әйне ҳақыйқат болады.

Өзбекстан Түркий мәмлекетлер шөлкемине толық ағза болып киргенинен кейин барлық тараўлар сыяқлы ТҮРКСАЙ жумысы шеңбериндеги бирге ислесиў байланыслары да жаңа басқышқа көтерилди.

Атап айтқанда, ағза мәмлекетлерде, соның ишинде, Өзбекстанда түркий мәмлекетлер мәденияты ҳәм көркем өнери күнлери, жаслар ҳәм театр фестивальлары, дөретиўшилик форумлар шөлкемлескенлик пенен өткерилмекте.

Шөлкем шеңбериндеги илимий-ағартыўшылық конференциялар, түркий тиллер ҳәм әдебиятлардың раўажланыўына бағышлаған халықаралық конференцияларда мәмлекетимиздиң илимпаз ҳәм дөретиўшилери белсене қатнаспақта.

Мине усы бирге ислесиўдиң әмелий нәтийжеси сыпатында елимизде «Түркий әдебият дүрданалары» деп аталған 100 томлық китаплар дүркиминиң басып шығарылғаны, оған Өзбекстан, Түркия, Қазақстан, Қырғызстан, Әзербайжан, Түркменстан ҳәм Венгрия мәмлекетлеринен жәми 450  ден аслам классикалық ҳәм заманагөй шайыр, жазыўшы ҳәм ойшыллардың шығармалары киргизилгенин атап өтиў керек.

Түркий дүньяның сиясат, илим, медицина, әдебият ҳәм көркем өнер тараўларында үлкен жетискенликлерге ерискен үлгилерин хошаметлеў мақсетинде уллы шайыр ҳәм ойшыл Мир Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық сыйлық шөлкемлестирилгени мәдений турмысымызда әҳмийетли ўақыя болды.

Усы жылы гөззал Наўайы қаласында болып өткен ТҮРКСАЙ жазыўшылар бирлигиниң биринши мәжилиси ҳәм «Поэзия классикасы» деп аталған халықаралық фестиваль түркий әдебият дүньясында үлкен жаңалық болды.

Сондай-ақ, шөлкем менен биргеликте Гүлистан қаласында Халықаралық бақсышылық көркем өнер фестивалы, Ташкент қаласында Түрк дүньясы студентлер халықаралық театр фестивалы ҳәм Марғылан қаласында «Уллы жипек жолы» халықаралық фольклор фестивалы жоқары дәрежеде өткерилди.

2023-жылы уллы ойшыл ҳәм энциклопедист илимпаз Әбиў Райхан Берунийдиң 1050 жыллық, Заҳириддин Муҳаммад Бабурдың 540 жыллық байрамын да, несип етсе, биргеликте белгилеймиз.

ТҮРКСАЙдың 30 жыллық қутлы сәнесине бағышланған мәденият күнлериниң ағза мәмлекет пайтахтлары ҳәм БМШ, ЮНЕСКО сыяқлы абырайлы халықаралық шөлкемлердиң рәсмий резиденцияларында кеңнен белгилениўи – бул бәринен бурын дүнья жәмийетшилигиниң түркий халықлар мәденияты, үрп-әдет ҳәм қәдириятларына жоқары ҳүрмет белгиси болып есапланады.

Түркий дүньямыздың ҳәўес етсе арзыйтуғын уллы тарийхы, уллы ата-бабалары, мәденияты ҳәм  көркем өнери бар. Ең әҳмийетлиси, мине усындай бийбаҳа руўхый байлықтың мүнәсип мийрасқорлары бар.

Түркий мәмлекетлер шөлкемине басшылық етип атырған Өзбекстанда бүгин өз жумысын баслап атырған мәденият байрамының жумысына табыслар ҳәм бәршеңизге әўмет тилеп, және бир мәрте өзимниң қызғын ҳәм жақсы тилеклеримди билдириўден қуўанышлыман.

Ҳүрмет пенен,

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти