Пайтахтымыздағы «Өзбекстан» халықаралық конференциялар сарайында Халықаралық түркий мәденият шөлкеми – ТҮРКСАЙдың 30 жыллық юбилейине бағышланған салтанатлы илаж ҳәм концерт бағдарламасы болып өтти.

Оған түркий мәмлекетлердиң көркем өнер ҳәм мәденият, туристликке байланыслы министрликлер ҳәм шөлкемлер, халықаралық структуралар, дипломатиялық корпус ўәкиллери, әдебият, көркем өнер ҳәм мәденият ғайраткерлери, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери мирәт етилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң ТҮРКСАЙ шөлкеминиң 30 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстанда өткерилип атырған мәденият күнлери қатнасыўшыларына қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Хайриддин Султанов оқып еситтирди.

Өзбекстан Республикасы мәденият ҳәм туризм министри Озодбек Назарбеков, Түркий шөлкемлердиң бас хаткери Кубаничбек Омуралиев, Халықаралық түркий мәденият шөлкеми – ТҮРКСАЙ бас хаткери Султон Раев буннан 30 жыл бурын шөлкемлестирилген ТҮРКСАЙ шөлкеми дүнья жүзинде өз абырайына ийе болып атырғаны, оның бирге ислесиў жәрдеминде раўажланыўға қарай умтылыў сыяқлы ийгиликли идеясы дүнья жүзинде барған сайын үлкен әҳмийет ийелеп атырғанын атап өтти.

Мәмлекетимизде кейинги жылларда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен сыртқы сиясат тараўында алып барылып атырғаны ашық ҳәм конструктивлик, өз-ара исеним ҳәм ҳүрметке тийкарланған жаңаланыў процесслери қоңсы ҳәм туўысқан мәмлекетлер менен қызғын, дослық, өз-ара аўызбиршилик, жақсы қоңсышылыққа, исеним ҳәм ҳүрметке тийкарланған қатнасықларды жолға қойыўда әҳмийетли тийкар болмақта. Бул тәреплер түркий тиллес мәмлекетлердиң өз-ара аўызбиршилигин бурын мисли көрилмеген тәризде жаңа басқышқа алып шығыў имканиятын бергени менен де әҳмийетли болып есапланады.

Усы жылы Халықаралық түркий мәденият шөлкеми – ТҮРКСАЙ дүзилгенине 30 жыл толды. Бул сәне шөлкемге ағза мәмлекетлерде кеңнен белгиленбекте. Алма-атадан басланған байрам толқыны Бишкектен күш алып, Ташкентке жетип келди.

Ташкент қаласындағы Өзбекстан әмелий көркем өнер ҳәм өнерментшилик тарийхы мәмлекетлик музейинде ТҮРКСАЙ шөлкеминиң 30 жыллық юбилей салтанатларына бағышланған «Түрк дүньясы» атамасында художниклер ҳәм өнерментлер көргизбеси, түркий дүнья халықларының миллий асханаларына байланыслы гастрономиялық көрсетиў шөлкемлестирилди. Түркий тилес мәмлекетлердиң абырайлы халықаралық шөлкемлериниң басшылары ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәденият ҳәм туризм министрлиги арасында мәденият ҳәм көркем өнер, баспа, медиа, туризм сыяқлы тараўларда бирге ислесиўди кеңейтиўге байланыслы сөйлесиў ҳәм ушырасыўлар болып өтти.


























– Сыр емес, кейинги жылларда түркий дүнья мәмлекетлери арасындағы дослық қатнасықлары ҳәр тәреплеме раўажланып бармақта, – деди Өзбекстан Республикасы мәденият ҳәм туризм министри Озодбек Назарбеков. – Соның ишинде, мәденият тараўындағы бирге ислесиў байланыслары жаңа басқышқа шықты. Өз-ара аўызбиршиликте тамыры бир бағдарға тутасатуғын ески түркий мәдениятты раўажландырыў жолында көплеген жойбарлар әмелге асырылмақта, қатнасықлар барған сайын беккемленбекте.

Улыўма тил ҳәм бирдей қәдириятлардың бар екени тийкарында қәлиплескен. Халықаралық түркий мәденият шөлкеми – ТҮРКСАЙ шеңберинде бүгинги күнде мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиў жедел раўажланбақта. Түркий тиллес халықлардың руўхый қәдириятлары ҳәм тарийхый-мәдений мийрасын халықаралық дәрежеде сақлаў, үйрениў ҳәм ғалаба ен жайдырыўда ТҮРКСАЙ шөлкеми әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтиў керек. Ҳәзирги ўақытта бул структура тили, мәденияты, дәстүрлери, тарийхы, турмыс тәризи бирдей халықлар ушын өзине тән беккем ҳәм исенимли руўхый көпирге айланып үлгерди.

Бул абырайлы структураның бас хаткери Султан Раевтиң атап өтиўинше кейинги жылларда ТҮРКСАЙ жумысы барған сайын раўажланып атыр. Бунда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң түркий тиллес мәмлекетлер арасындағы  дослық қатнасықларын сапа ҳәм мазмун жағынан жаңа басқышқа алып шығыўға байланыслы турмыслық баслама ҳәм идеялары, бул шөлкемниң жедел қоллап-қуўатланып атырғаны өзине тән әҳмийетке ийе екени дыққатқа ылайық болып есапланады. Бул күнлер ата-бабаларымыз, ата-аналарымыз, жадидлер асығып күткен күнлер болып табылады. ТҮРКСАЙ түркий халықлардың алтын көпирине айланды.

Бүгин барған сайын глобалласып атырған дүнья жүзинде түрли қәўип-қәтерлердиң алдын алыўда, халықлар арасындағы дослық, татыўлық, жақсы қоңсышылық, аўызбиршилик байланысларын және де беккемлеўде жумысының тийкарын жақсылық, мәрипат, бирге ислесиў сыяқлы кеңпейил идеяларды қурайтуғын ТҮРКСАЙ структурасының орны ҳәм әҳмийети өзине тән болмақта. Оның платформасында өткерилип атырған дөретиўшилик жойбарлар, фестивальлар, дөретиўшилик таңлаўлар, форумлар, ири конференциялардың тамырлары улыўмаинсаныйлық ийгиликли идеялардан суў ишкен халықларды бирден-бир мақсетке қарай бирлестирмекте. Пайтахтымызда өтип атырған илажларда бул тәреплер және бир рет өзиниң жарқын көринисин тапты.

Салтанатлы илажда түркий тиллес мәмлекетлердиң көркем өнер топарлары, көркем өнер шеберлери ҳәм атқарыўшы жаслардың қатнасыўында үлкен концерт бағдарламасы көрсетилди.

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы