Алдын хабар бергенимиздей, Қазақстан Республикасы пайтахты Астана қаласында спорттың самбо түри бойынша болып ѳткен Азия ҳәм Океания чемпионатына қатнасқан Елликқала районындағы 1-санлы спорт мектеби спортшысы Шахзада Азатова жаўынгерлик самбо бағдарында барлық қарсыласларын жеңип шығып алтын медалды қолға киргизген еди.
Нѳкис халықаралық аэрпортында Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министри ўазыйпасын атқарыўшы Адилбек Алланазаров ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери жеңимпаз спортшы ҳәм оның тренерин салтанатлы түрде күтип алды.
Күтип алыў мәресиминде спорт тараўы басшылары Шахзада Азатованы ерискен бул үлкен табысы менен қутлықлап, спортшы ҳәм оның тренери Расул Балтабаевқа гүл дәсте ҳәм зер шапанларды саўға етти.
Илажда Азия ҳәм Океания чемпионы Шахзада Азатова ҳәм оның устазы Расул Балтабаевлар да шығып сөйлеп, өзлерине жаратылып атырған кең имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, келеси жарысларда да елимиз абырайын мүнәсип қорғаўға ўәде берди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы