«Өзбекстанда заманагөй шаңарақ» темасында жәмийетшилик пикири үйренилмекте

Мәмлекетимизде шаңарақлардың бүгинги жағдайын таллаў, олардың қурылыўы ҳәм беккемлигине тәсир етиўши факторларды үйрениў бойынша таллаўлар алып барылмақта.
«Социаллық пикир» республикалық жәмийетшиликтиң пикирин үйрениў орайы тәрепинен «Өзбекстанда заманагөй шаңарақ» темасындағы жәмийетшилик пикири сораўын өткермекте.
Изертлеўдиң мақсети елимизде шаңарақтың пайда болыўы ҳәм раўажланыў өзегешеликлери, оған тәсир етиўши унамлы ҳәм унамсыз факторлар, бүгинги заманагөй жәмийетте шаңарақлардағы тийкарғы өзгешеликлер ҳәм келиспеўшиликлер, шаңарақтағы жумыс ҳәрекети ҳаққында пуқараларымыздың пикир-усынысларын үйрениў болып есапланады.
Сондай-ақ, бул арқалы шаңарақларда неке шәртнамалары ҳәм оның роли ҳаққында халықтың көзқараслары үйренилип, талланады.
Изертлеўде мәмлекетимиздиң барлық регионларында жасаўшы пуқаралар, экономиканың мәмлекетлик ҳәм жеке меншик секторларында бәнт болған ҳәр қыйлы миллетлер ҳәм социаллық қатламлардың ўәкиллери қатнасыўы мүмкин.
М.Ҳожиакбарова, ӨзА