Усы жылы 22-январь күни Президенттиң «Электротехника санаатын раўажландырыўды жаңа басқышқа алып шығыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-20-санлы қарары қабыл етилди.
Қарарға бола, электротехника санаатын 2025-2027-жыллары раўажландырыў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыўдың тийкарғы бағдарлары белгиленди.
2025-жыл 1-февральдан төмендеги қоллап-қуўатлаў илажлары енгизиледи:
– бажыхана аймағында қайта ислеў режиминде таярланған өнимлерди кейинги ислеп шығарыўшылар тәрепинен санаат кооперациясы тәртибинде қайта ислеў ушын бажыхана аймағында қайта ислеў режимине жайластырыўға руқсат бериледи;
– кәрханалардың раўажланыў ҳәм изертлеў орайларының жумысын жолға қойыў ушын белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша өз мүтәжликлери ушын алып келинетуғын, Өзбекстанда ислеп шығарылмайтуғын лаборатория үскенелери ҳәм қураллары 2028-жыл 1-февральға шекем бажыхана бажысынан азат етиледи;
– устав фондында мәмлекетлик үлеси 50 проценттен артық болған юридикалық тәреплердиң ҳәм мәмлекетлик уйымлардың ҳәкимшилик имарат-объектлерин, сондай-ақ, социаллық тараў объектлерин қурыў бойынша сатып алыў ҳүжжетлерине төмендеги талаплар киргизиледи:
– жумысты бөлип алып ислеўшилер зәрүр товарларды Ислеп шығарыўшылар экосистемасы ҳәм Электрон кооперациялық порталдағы жергиликли ислеп шығарыўшылардан сатып алады;
– зәрүр товарлар порталларда жоқ болса, тастыйықлаўшы мағлыўматнамалар тийкарында оларды басқа электрон порталлардан сатып алыўға руқсат етиледи;
– Ислеп шығарыўшылар экосистемасында саўдалар мәмлекетлик буйыртпашылар ҳәм ислеп шығарыўшылар арасында электрон дүкан тәртип-қағыйдалары тийкарында, шәртнама баҳасы менен байланыслы шеклеўлерсиз өткериледи, онда оферталар жергиликли ислеп шығарылған товар ҳаққындағы сертификат мағлыўматлары тийкарында қәлиплестириледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги