Боран ҳәм суўықтан 10 адам қайтыс болды

Америка Қурама Штатларына қараслы қолтық жағалаўларында жайласқан қубла штатларда регион ушын қәҳәрли суўық ҳәм қар боранынан 10 адам қайтыс болды.
Дәслепки мағлыўматларға қарағанда, Алабама, Техас ҳәм Жоржияда қәҳәрли суўық ҳәм күшли қар ақыбетинде турақ жай имаратлары жанған, жол-транспорт ҳәдийселери ҳәм музлаў жағдайы көбейген.
Жоллар қатты музлап, көплеген бахытсыз ҳәдийселер бақланып атыр, транспорт ҳәрекети жүдә азайған. Қолайсыз ҳаўа-райы себепли онлаған рейс бийкар етилген.
Синоптиклердиң айтыўынша, Мексика қолтығы аймағындағы суўық ҳаўа-райы ҳәптениң ақырында нормалласа баслайды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги