Мәлим етиўинше, Қараөзек районында «Қ.М.» ЖШЖ жуўапкер шахслары ҳәм басқалар өз-ара тил бириктирип, ЖШЖның автомобильлерге  газ қуйыў компрессор шақапшасына орнатылған электрон газ есаплағыш үскенесине сыртқы тәсир көрсетиў арқалы жәми 1,1 миллион куб метр тәбийғый газден нызамға қайшы түрде пайдаланған.

Буның нәтийжесинде 2,8 миллиард сум зыян келтирилген. Бул ҳаққында  Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти хабар берди.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 169-статьясы (урлық ислеў) менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте,-деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги