Салы жетистириўде Япония ҳәм Филиппин тәжирийбеси қолланылады

387

Аграр тараўда ең әҳмийетли машқалалардан бири үзликсиз салы жетистирилип киятырған майданларда топырақ өнимдарлығын ҳәм зүрәәтлиликти арттырыў болып есапланады.

Аўыл хожалығы министрлигиниң жуўапкерлери Японияның аграр тараўда жумыс ислейтуғын бир топар исбилерменлери менен ушырасты.

Онда аграр тараўда еки тәреплеме пайдалы болған бирге ислесиўди жолға қойыў, сондай-ақ, сапалы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, түрли зыянкеслерге қарсы гүресиў бағдарларында бирге ислесиў перспективалары ҳаққында сөз болды.

Ушырасыўда министрликтиң жуўапкерлери соңғы жылларда мәмлекетимиз аўыл хожалығын раўажландырыў, аграр тармақта  бәсекиге шыдамлы бизнес орталығын қәлиплестириў, тараўдың инвестициялық тартымлылығын арттырыў ушын әмелге асрылып атырған жумыслар ҳаққында толық мағлыўмат берип өтти.

Сондай-ақ, ушырасыўда   салы ҳәм басқа собықлы егинлер ушын пайдаланылатуғын, Японияда сынақлардан табыслы өткен органикалық төгинлерди мәмлекетимизде  ислеп шығарыўды жолға қойыў, елимиз  аграр тармағына Япония ҳәм Филиппин тәжирийбесин қолланыў имканиятлары ҳаққында да түрли усыныслар ортаға тасланды.

Япониялы исбилерменлер мәмлекетимиз аграр тармағында инвесторлар ушын жаратылған қолайлы имканиятларды айрықша атап өтип, мәмлекетимизде аграр тараўды  атап айтқанда, салы жетистириўди раўажландырыўда Япония ҳәм Филиппин тәжирийбесиниң әҳмийетин турмыслық мысаллар арқалы ашып берди.

Сөйлесиў  соңында тәреплер дәслеп, Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы илимий-изертлеў институтлары тәрепинен япон компаниясының органикалық төгинлерин сынақтан өткерип көриў ҳәм сынақ нәтийжелеринен келип шыққан ҳалда бирге ислесиўге келисилди.

Муҳайё Тошқороева, ӨзА