Соңғы жылларда елимизде Президентимиздиң басшылығында «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында көплеген унамлы ислер әмелге әмелге асырылып келинбекте.

Әсиресе, мәмлекетимизде медицина тараўын раўажландырыў арқалы халқымыздың саламатлығын беккемлеў ҳәм сапалы медициналық хызмет көрсетиўди жаңа басқышқа алып шығыў, сондай-ақ, усы жумысларды жеделлестириўде халықаралық бирге ислесиўши шөлкемлер менен шериклик тийкарында жойбарларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып атыр. Соның иишнде, айрықша атап өтиўимиз керек, Қарақалпақстан медицина институты жанында Президентимиздиң басламасы менен жаңа инновациялық клиника шөлкемлестирилген еди.

Буның нәтийжесинде институт заманагөй ҳәм инновациялық методларға тийкарланған оқытыўды әмелге асырыўда әҳмийетли қәдемлерди таслады. Атап айтқанда, жоқары дәрежедеги медициналық диагностика ҳәм медициналық жәрдем көрсетиў, инновациялық Симуляция орайын жаратыў арқалы, бүгинги күни студентлер, клиникалық ординаторлар, магистрлер ҳәм шыпакерлер өзлериниң әмелий ис-тәжирийбелерин арттырып келмекте.

Қарақалпақстан медицина институтында соңғы ўақытлары жүз берип атырған жаңаланыў ҳәм өзгерислер менен кең жәмийетшиликти жақыннан таныстырыў мақсетинде, Өзбекстан Журналистлер аўқамы Қарақалпақстан бөлими ҳәм институт мәлимлеме хызметиниң шөлкемлестириўи менен республикамызда жумыс ислеп атырған ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ушын пресс-тур шөлкемлестирилди.

Өткерилген илаж даўамында журналистлер Қарақалпақстан медицина институтының инновациялық Симуляция орайында болып, бул жердеги студентлердиң теориялық ҳәм әмелий сабақлар өтиўи барысы менен танысты.

-Республикамыз медицина тараўына кадрларды таярлаўда әҳмийетли орын тутатуғын институтымызда, бул клиника тийкарғы билимлендириў базасы болып келмекте,-дейди институттың оқыў ислери бойынша проректоры Мурат Қурбаназаров.- Соңғы 5 жылдың өзинде институтқа 10 млн. доллардан артық инвестиция қаржылары тартылды. Атап айтқанда, Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги тәрепинен әмелге асырылған 7,3 млн. долларлық жойбар шеңберинде институт клиникасына заманагөй медициналық әсбап-үскенелер алып келинип, орнатылды. Бул заманагөй медициналық аппаратуралардың жәрдеминде бүгинги күни жасларымыз 100 ден аслам медициналық илимге байланыслы өзлериниң әмелий көнликпелерин арттырып келмекте. Әсиресе, студентлер әмелий сабақлар ўақтында наўқасларға тез медициналық жәрдем көрсетиў, ерте ҳәм анық диагнозлар қойыў тәжирийбесине ийе болмақта.

-Педиатрия факультетиниң 5-курсында оқып атырман,-дейди Эзоза Шүкириллаева.-Ҳәзир бизлер инновациялық Симулация орайында ишки кеселиклер пәни бойынша әмелий сабақ өтип атырмыз. Өтилип атырған бул сабақлар бизлердиң медицианлық пәнлер бойынша әмелий көнликпемизди пайда етип, бул бойынша тәжирийбемизди арттырыўда әҳмийетли хызмет атқармақта. Бизлер институтымызда жаратылған бундай қолайлық ҳәм имканиятларға оғада қуўанышлымыз. Бундай шараятларды жаратып берген елимиз Президенти ҳәм институтымыз ректоратына өзлеримиздиң миннетдаршылығымызды билдиремиз.

Илажда журналистлер тәрепинен институт басшылары ҳәм профессор-оқытыўшщыларына бир қатар сораўлар берилип, оларға тийисли жуўаплар алды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы