2024-жылы Өзбекстан жолларында 2200 ден аслам инсан ЖТҲ ақыбетинде қайтыс болды. Мәс ҳалында машина басқарғаны ушын жазаланған 8 мың айдаўшы қағыйдабузарлықты қайта ислеген.

Сенат тастыйықлаған нызам менен мәс ҳалында автомобильди басқарғанлығы ушын жынайый жуўапкершилик енгизилди:

Биринши мәрте қағыйдабузарлық ушын жәрийма БЕМниң 25 есесинен 40 есеге шекем арттырылады (9,37 млн сумнан 15 млн сумға шекем).

Қағыйдабузарлықты қайта ислеген жағдайда 3 жылға шекем айдаўшылық ҳуқықынан айырыў, 2-3 жылға шекем минез-қулқын дүзетиў жумыслары яки еркинен айырыў жазасы тайынланады.

Нызамға муўапық, транспортта «агрессив басқарыў», «дрифт» ҳәм «шахмат» түринде ҳәрекетлениў сыяқлы қағыйдабузарлықлар ушын да жуўапкершилик белгиленди,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги