Жаслар ислери агентлиги Әмиўдәрья районлық бөлиминиң басламасы менен Мәденият бөлими имаратында «Басшы ҳәм жаслар» ушырасыўы шөлкемлестирилди.

Илажда Әмиўдәрья районы ҳәкиминиң орынбасары Нодирбек Камолов, Өзбекстан Жаслар ислери агентлигиниң мәҳәллердеги жаслар жетекшилериниң жумысын муўапықластырыў ҳәм методологиялық тәмийинлеў бөлиминиң бас қәнигеси Шаҳзод Қаюмов, агентликтиң Қарақалпақстан бөлиминиң бас қәнигеси Анвар Маратов, Жаслар ислери агентлиги районлық бөлиминиң баслығы Бекзод Ўринбоев, аўыл ҳәм мәҳәллелердеги жаслар жетекшилери ҳәм жаслар қатнасты.

Ушырасыў жаслардың машқалаларын үйрениў ҳәм оларға шешим табыў илажларын көриў, жаслардың мүрәжатлерин қабыл етиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарындағы илажларды ислеп шығыў ушын олардың усынысларын үйрениў мақсетинде шөлкемлестирилди.

Районда хызмет көрсетиў тараўында жумыс алып баратуғын хызметкерлерди бир системаға жәмлеў мақсетинде Call Center жойбарын әмелге асырыў усынысы алға қойылды. Сондай-ақ, IT тараўын раўажландырыў мақсетинде маман қәнигелерди тартыў, Өзбекстандағы IT-парклер менен бирге ислесиў ҳәм стартап жойбарларын әмелге асырыў сыяқлы пикирлер билдирилди.

Ҳәр бир басшы жаслардың машқалаларына шешим табыўға жуўапкер, усындай ушырасыўлар жаслардың басламаларын әмелге асырыўына үлкен имканият жаратады, – деди Район ҳәкиминиң орынбасары Нодирбек Камолов.

Ушырасыў даўамында жаслар өзлериниң машқалалары ҳәм усыныслары менен жуўапкерлерге мүрәжат етти. Мүрәжатлер тийкарынан жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, бизнес ушын жер ҳәм жеңилликли кредитлер ажыратыў мәселелеринде болды.

Илаж шеңберинде районлық Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик бөлими тәрепинен бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы да шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, районлық Әдиллик бөлими жаслардың ҳуқықый мәселелерин үйрениў ҳәм оларға ҳуқықый мәсләҳәтлер бериў мақсетинде ушырасыў өткерди.

Бундай ушырасыўлардың шөлкемлестирилиўи жаслардың жәмийетлик ҳәм экономикалық белсендилигин арттырыўға хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги