Канал әтирапы абаданласпақта

Нөкис қаласынан өтетуғын “Дослық” каналын реконструкциялаў, яғный белгиленген бөлегинде бетонлаў жумыслары жуўмақланды,-деп хабар бермекте Суў хожалығы министрлиги мәлимлеме хызметиниң баслығы Ғ.Атажанов.
Жойбар шеңберинде бас жумысты бөлип алып ислеўши кәрхана “Кегейлимахсуссувпудрат” ЖШЖ тәрепинен каналдың 4 километрлик бөлеги реконструкцияланыўы белгиленген.
Жойбарды әмелге асырыўдан күтилип атырған тийкарғы нәтийже, Нөкис қаласында суў туризмин раўажландырыў, суў спорты менен шуғылланыўы ушын қолайлы шараятларды жаратыў ҳәм канал бойын халықтың дем алыў орнына айландырыў болып есапланады.
Бул канал Қарақалпақстан Республикасындағы ең ири каналлардың бири болып, узынлығы 25,2 километрди қурайды. Канал арқалы Нөкис қаласы, Тахтакөпир, Қараөзек, Кегейли, Шымбай ҳәм толық емес түрде Нөкис районларының егислик майданларына суў жеткериледи.
“Дослық” каналында бетонлаў жумыслары жуўмақланғанан кейин, кейинги күнлерде усы каналға секундына 100 метр куб.қа шекем суў берилип, республикамыздың арқа районларында шор жуўыў илажлары шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.


Мағлыўмат ушын, Қарақалпақстан Республикасында 2025-жылдың шор жуўыў мәўсими даўамында 171 мың гектар майданда шор жуўыў, 63 мың гектар майданда ғәлле майданларында ҳәм халықтың қыйтақ жерлеринде суўғарыў жумысларын алып барыў режелестирилген. Бул илажлар ушын деректен жәми 1,4 млрд. метр куб суў алыў лимити ажыратылған. Алынған суў муғдарлары менен күнине орташа 2 мың гектар жер суўғарылған болса, мәўсим басында жәми 87 мың гектар майданда шор жуўыў жумыслары алып барылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги