Саудия Арабстаны мийрасхор шаҳзадасы пийшемби күни патшалық келеси төрт жыл ишинде АҚШқа 600 миллиард доллар инвестиция киргизетуғынын мәлим етти.

Сырт ел ғалаба хабар қуралларының жазыўынша, бул баянат Президент Дональд Трамптың алдын биринши сырт ел сапары сыпатында усы мәмлекетке шөлкемлестиретуғын сапарының баҳасын белгилеп берген түсиндириўинен кейин жәрияланған.

Трамп 2017-жылы Саудияға барып, АҚШ жетекшилериниң дәслепки сырт ел сапары ушын Британияны таңлаў дәстүрин бузған еди. Ол ҳүкиметтиң нефтьке бай Персия қолтығы мәмлекетлери басшылары менен тығыз байланысларға айрықша итибар берген. Алдын Трамптың көшпес мүлк бизнеси де регионда белсенди болған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги