Усы жылдың 10-11-июнь күнлери Қырғыз Республикасы пайтахты Бишкек қаласында спорттың дзюдо түри бойынша ересеклер ҳәм ҳаял-қызлар арасында Азия ашық кубоги болып өтти.
Оған Багам атаўлары, Беларусь, Қазақстан, Литва, Непал, Түркменстан, АҚШ, Өзбекстан ҳәм Қырғыз Республикасынан 200 ден аслам дзюдошылар қатнасты.
Онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан Ерназар Сәрсенбаев 100 кг салмақта барлық қарсыласларын жеңип шығып, алтын медалды қолға киргизди.
Ҳәзирги ўақытта Ѳзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалының 4-курс студенти есапланған Ерназар Сәрсенбаев Азия чемпионы болыў менен бирге, Париж-2024 Олимпиада ойынларына жоллама бериўши 100 рейтинг упайына ийе болды.
Ол кескин тәризде болып өткен финал беллесиўинде Рустам Шорахматовты жеңип шығыўға миясар болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы