Усы жыл 8-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың басшылығында ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм пуқаралар жыйынларында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларға арналған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Онда тийкарынан  ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм жол қойылып атырған кемшиликлер атап өтилди.



Атап өтилгениндей, быйылғы жылы жәми 62 ҳаял-қыз турақ жай менен тәмийинленбеген. Әмиўдәрья, Тахтакөпир, Шоманай ҳәм Тақыятас районларында мүтәж болған ҳаял-қызларды турақ жай менен тәмийинлеў илажлары көрилмеген. Буннан тысқары, 2021-2022-жылларда 15 миллиард сум қаржы бюджеттен ажыратылған болса да, бүгинги күнге шекем Хожели районында социаллық турақ жайлар ҳаял-қызларға елеге шекем тапсырылмаған.

Белгиленген илажлар дурыс шөлкемлестирмей атырғанлығы себепли айырым пуқаралар жыйынларында ҳаял-қызлар белсендилери жумысларының рейтинг нәтийжеси төмен дәрежеде болмақта. Соның менен бирге, быйылғы жыл январь-май айларында 54 пуқаралар жыйынында ҳаял-қызлар белсендилери тәрепинен киши бизнес субъектлерин ашыў илажлары улыўма көрилмеген. Ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў илажлары да қанаатландырарсыз дәрежеде қалмақта.

Моно-орай, кәсип-өнерге оқытыў орайлары менен орынларына жәми 4 мың 493 ҳаял-қыз кәсипке оқытыўға жиберилген. Бирақ, кәсипке таярлаў орынларында тек ғана 389 ҳаял-қыз оқытылған.

Шаңарақларда ҳаял-қызларға басым ҳәм зорлықтың көбейиўиниң алдын алыў, ажырасыўлардың жүз бериўине жол қоймаў, жәмийетте саламат орталықты қәлиплестириў илажлар ды да талап дәрежесинде емес. Ҳаял-қызлар арасында ҳуқықбузарлық жағдайлары көбейген. Буннан тысқары, ҳаял-қызлар тәрепинен келип түскен мүрәжатларды үйренип шығыўда да қәте-кемшиликлерге жол қойылмақта.

Мүтәж шаңарақларға әмелий жәрдем көрсетиў бағдарында январь-май айларында “Темир даптер”ге киргизилген 145 шаңарақты қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2 миллиард 182,9 миллион сум қаржы ажыратып берилген. Деген менен, усы жылы ҳеш бир қала ҳәм районларда “Темир дәптер”ге киргизилген шаңарақларға айырым жәрдем түрлери бойынша улыўма қаржылай жәрдем берилмеген. Орынларда халық пенен ең тығыз ислесиўши көше бийлери менен бирге ислесиў жумыслары да төмен дәрежеде жолға қойылған. Аймақ турғынларының кеўил-кейпиятына унамсыз тәсир ететуғын, наразылықларға алып келиўи мүмкин болған машқалалар анықланбақта ҳәм бул машқалаларды шешиў илажлары көрилиўи белгиленген.

Мәжилисте бүгинги күнде 142 пуқаралар жыйыны имарат пенен тәмийинленбегени атап өтилип, бул машқаланы шешиў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди. Соның менен бирге, өз жумысын орынлаўда қәте-кемшиликлерге жол қойғаны ҳәм белгиленген тапсырмаларды орынлаўға немқурайдылық пенен қарағаны ушын Нөкис қаласындағы Жаңабазар ҳәм Қурылысшы мәкан пуқаралар жыйынлары,  Беруний районындағы Алтынсай ҳәм Шимом, Қоңырат районындағы Қырыққыз ҳәм Көкдәрья,  Әмиўдәрья районындағы Бостан мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларының  ҳаял-қызлар белсендилерине  интизамий жаза шарасы қолланылды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги