Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯи министрлиги  5-санлы туберкулез ҳәм дем алыў органларының созылмалы кеселликлери қәўпи болған топар балалары ушын  санатория типиндеги қәнигелестирилген мәмлекетлик билимлендириў шөлкеминиң тәрбияшысы  Р.Ю. Төрткүл районы әдиллик бөлимине жазба мүрәжат етип, оған мектеп-интернатында саламат турмыс тәризи ҳәм ғалабалық спортты раўажландырыў мақсетинде  2022-жыл 24 октябрь күни шөлкемниң буйрығы менен “Спорт үгит-нәсиятшысы” қосымша лаўазым жүкленгенлиги атап өтилген.

Бирақ өзи ислеп атырған шөлкем тәрепинен Президентимиздиң 2020-жыл 30-октябрьдеги “Саламат турмыс тәризин кеңнен енгизиў ҳәм ғалабалық спортты раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы пәрманы менен белгиленген 20 процент муғдарындағы үстеме төлеп берилмей киятырғанын  ҳәм өзиниң ҳуқықы бузылғанлығын атап өткен.

–Бул жағдай бойынша хызметкердиң мүрәжаты тийисли тәртипте үйренип шығылып, мектеп тәрбияшысы Р.Ю.ға жүкленген “Спорт үгит-нәсиятшысы” қосымша лаўазымы ўазыйпасы ушын 2575370  (еки  миллион бес жүз жетпис бес мың үш жүз жетпис) сум муғдарындағы қаржы кем төленгени анықланды, – дейди Төрткүл районы әдиллик бөлими юридикалық хызмет көрсетиў орайының бас  юрисконсульты Журабек Исмаилов.–Өз гезегинде, районлық әдиллик бөлими тәрепинен көрилген ҳуқықый тәсир шаралары нәтийжесинде бул хызметкерге 2575370 сум пул толық төлеп берилиўи тәмийинленди ҳәм хызметкердиң бузылған ҳуқықы тикленди.

Нызамбузылыўына жол қойған шахсларға болса нызамда белгиленген жуўапкершилик шаралары көрилди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги