Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-июнь күни Самарқанд қаласында Халықаралық валюта фондының басқарыўшы директоры Кристалина Георгиеваны қабыллады.

Өзбекстан менен Халықаралық валюта фонды арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўди, соның ишинде, макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў, ақша-кредит ҳәм фискаль сиясатты жетилистириў бағдарындағы реформалар сыяқлы тийкарғы бағдарларды буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланды.

Кейинги жылларда ХВФ менен бирге ислесиў сезилерли дәрежеде жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Бул дәўирде фондтың 70 тен аслам миссиясы Өзбекстанда болды, эксперт-техникалық жәрдем кеңейип бармақта.

ХВФ басшысы Кристалина Георгиева Жаңа Өзбекстандағы артқа қайтпайтуғын реформалар бағдарламасын толық қоллап-қуўатлады ҳәм оның әмелге асырылыўына буннан былай да жәрдем бериўге таяр екенин билдирди.

Глобаллық экономика ҳәм турақлы раўажланыўға байланыслы әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысылды.

Соның менен Өзбекстан Президентиниң Самарқандқа сапары жуўмақланды, мәмлекетимиз басшысы Ташкентке қайтып келди.

ӨзА