Жаслар – жәмийеттиң келешеги. Олар Өзбекстанның ең үлкен байлығы, бийбаҳа ғәзийнеси болып есапланады. Жаңа Өбекстан жаслары келешегимиздиң тийкары.

«Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» сүрени астында өткерилип атырған «Студентлер бәҳәри» фестивалы шеңбериндеги илажлар даўам етпекте.

Фестиваль шеңберинде Нөкис қаласындағы жоқары оқыў орынларының студент-жаслары арасында «Қуўнақлар ҳәм  зийреклер» таңлаўы өткерилип, онда 8 жоқары оқыў орынлары студент-жасларынан дүзилген командалар өз-ара күш сынасты.

Жеңимпазлар анықланып, Қарақалпақ мәмлекетлик үниверситетиниң «Жайҳун» командасы зийреклиги, шаққанлығы менен қарсыласларын артта қалдырып сыйлы биринши орынды алыўға миясар болды.

– Бақсы ҳәм жыраўлардың қатнасыўындағы таңлаў да жақсы көтериңки руўхта өткерилди,-дейди қатнасыўшы студент.

Сондай-ақ, «Бир ўақытта, бир аралықта ҳәм бир мақсет жолында» атамасында марафон өткерилди.


Марафонға Нөкис қаласындағы барлық жоқары оқыў орынларынан студент-жаслар қатнасып, олар 3 километр аралыққа жуўырып жарысты.

Жоқары дәрежеде шөлкемлескенлик пенен өткен марафон жуўмағында ерлер арасында Қарақалпақ мәмлекетлик университети Дене мәденияты факультетиниң студенти Р.Искандаров, ал, ҳаял-қызлар арасында А.Сологува биринши орынды ийеледи.

 

Әсем Есенгелдиева,

ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети, Мәлимлеме хызмети тәлим бағдарының 1-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги