Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев әмелий сапар менен Шолпаната қаласына келди.

Аэропортта мәмлекетимиз басшысын Қырғыз Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы – Президент Администрациясының басшысы Ақылбек Жапаров ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.




Бүгин Шолпанатада екинши «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» саммити болып өтеди. Оның күн тәртибинен регионымыз мәмлекетлериниң Евроаўқам менен конструктивлик қарым-қатнасын буннан былай да раўажландырыў ҳәм әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери орын алған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги