1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен Өзбекстан “Адолат” СДПның “Бар меҳиримиз саған балажан” сүрени астындағы бийғәрез донорлық акциясы басланды.
Онда Бердақ атындағы Карақалпақ мәмлекетлик универститети, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты, Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты, Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары белсенди қатнаспақта.
Партияның басламасы менен наўқас балалар ушын бийғәрез жәрдем ретинде өткерилип атырған донорлық акциясы даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги