Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Хызмет көрсетиў тараўы, атап айтқанда, улыўма аўқатланыў ҳәм товарларды жеткерип бериў жумысы менен шуғылланатуғын кәрханалар жумысының раўажланыўы ушын зәрүр шараятларды жаратыў мақсетинде:

  1. Ең жоқары конструктивлик тезлиги саатына 50 километрден, жумыс көлеми 50 см3дан аспайтуғын ишки жаныў двигателине ийе болған ямаса номинал (белгиленген) қуўатлылығы 0,25 киловаттан артық ҳәм 4 киловаттан аз болған электр двигателли еки ямаса үш дөңгелекли транспорт қураллары, соның ишинде, мине, усындай характерге ийе болған мопед, квадрицикл (квадроцикл), трицикл, скутер ҳәм жолдың қатнаў бөлиминде ҳәрекетлениўге бейимлестирилген басқа да механикалық үскенелерди басқарыў ушын айдаўшылық гүўалығы болыўы шәрт екенлиги ҳаққындағы талап 2024-жыл 1-январьға шекем тоқтатып турылсын.

Онда, усы бәнтте көрсетилген транспорт қуралларында ҳәрекетленип атырған шахслар мотошлем кийиўи зәрүр екенлиги белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 8-июньдағы «Исбилерменлик жумысы ҳәм өзин-өзи бәнт етиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4742-санлы қарарына қосымшаның 23-бәнти төмендегише билдирилсин:

«23. Буйыртпа тийкарында товарларды жеткерип бериў (жүк тасыў буған кирмейди)».

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 11-май