5-май күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев биргеликтеги Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилисинде қатнасыў ушын мәмлекетимизде болған Қазақстан Республикасының Бас министри Алихан Смаиловты қабыллады.

Өзбекстан – Қазақстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларды және де раўажландырыў, көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Ушырасыў алдынан Бас министр Алихан Смаилов мәмлекетимиз басшысына Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Еки тәреплеме байланыслар жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. 2022-жылы товар алмасыў 18 процентке, усы жылдың басынан 12 процентке артты. Үш мыңнан аслам қоспа кәрхана жумыс алып бармақта. Жүк тасыў көлеми артпақта. Жедел гуманитар алмасыўлар даўам етпекте.

Өзбекстан Президенти Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилисиниң нәтийжели жуўмақларына, бәринен бурын, тийкарғы экономикалық жойбарларды, соның ишинде, Санаат кооперациясы халықаралық орайын шөлкемлестириўди алға қойыў бойынша келисимлерге ерисилгенине жоқары баҳа берди.

Жақын жылларда 10 миллиард доллар мақсетли көрсеткишке ерисиў ушын саўданы көбейтиў ҳәм экспорт-импорт әмелиятларының теңсалмақлылығын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылды. Усы мақсетте сыртқы саўда компаниясының жумысын тез пурсатта иске қосыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Буннан тысқары, машина қурылысы, энергетика, қазып шығарыў санааты, транспорт ҳәм логистика, тоқымашылық, азық-аўқат ҳәм басқа да тармақларда инвестициялық жойбарлар портфелин кеңейтиў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгилеп алынды.

ӨзА