Берлин қаласында 2-май күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Германия Федератив Республикасына сапары алдынан Өзбекстан – Германия бизнес форумы болып өтти.




Онда еки мәмлекеттиң 250 ден артық ири компания, холдинг, санаат кәрханалары, банклери, министрликлери, уйымлары ҳәм санаат бирлеспелериниң басшылары қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид Хўжаев кейинги жыллары Өзбекстан менен Германия арасында еки тәреплеме қатнасықлар жедел раўажалынп баратырғанын, оған еки мәмлекет басшыларының исеними ҳәм сиясий ерк-ықрары себепли ерисилгенин айрықша атап өтти.

Еки мәмлекет арасында өз-ара товар алмасыў көлеми соңғы 5 жыл ишинде еки есеге артқан. 2022-жылдың жуўмағына бола, еки тәреплеме саўда көрсеткишлери және 50 процентке көбейди ҳәм биринши мәрте 1 миллиард евродан артты.

Инвестициялық бирге ислесиў ҳәм санаат кооперациясында да избе-из динамика бақланбақта. Өзбекстанда Германия капиталының қатнасыўында шөлкемлестирилген кәрханалардың саны бир неше жыл ишинде дерлик 3 есеге көбейип, 200 ден асты. 2017-жылдан берли өзлестирилген немис инвестицияларының улыўма муғдары 11 есеге өскен ҳәм ҳәзирги күнде 4 миллиард евродан артықты қурамақта.

Германияның MAN, CLAAS, Knauf, GP Papenburg, Viessmann, Deutsche Kabel, LEMKEN сыяқлы көплеген компаниялары Өзбекстанда жедел ҳәм табыслы бизнес алып барып, жаңа өндирис қуўатлықларын иске қоспақта.

Германия исбилермен топарларының итибары мәмлекетимизде сырт ел инвесторларының қолайлы мийнет етиўи ушын жаратылған шараятлар, Өзбекстан экономикасының күшли тәреплерине қаратылды. Кадрлар потенциалы, стратегиялық географиялық жайласыў, ҒМДА мәмлекетлери менен еркин саўда режимлери, GSP+ бенефициары статусы, Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў бойынша жеделлик пенен алып барылып атырған жумыслар, бай шийки зат ресурслары сондай-ақ, мәмлекетимиз администрациясы ҳәм ҳүкиметиниң биргеликтеги жойбар ҳәм басламаларды әмелге асырыўды тиккелей қоллап-қуўатлаўға таяр екенлиги усылардың қатарына киреди.

Энергетика, химия, азық-аўқат ҳәм тоқымашылық санааты, металлургия, автомобиль қурылысы, аўыл хожалығы, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, электротехника, сондай-ақ, фармацевтика ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўлары узақ мүддетли бирге ислесиўди жолға қойыўдың ең перспективалы бағдарлары сыпатында усыныс етилди.



Германия бизнесиниң ўәкиллери Өзбекстанда әмелге асырылып атырған экономикалық реформалардың нәтийжесин, соның ишинде, мәмлекетимизде сырт ел инвесторлары ушын қолайлы мийнет шараятларының жаратылғанын жоқары баҳалады. Бирге ислесиўди арттырыў, жаңа биргеликтеги жойбарларды ислеп шығыўға исенимли нийетлери бар екенлиги билдирилди.

Бизнес-форум Өзбекстан ҳәм Германия министрликлери, уйымлары, жетекши компанияларының басшылары арасында «G2B» сөйлесиўлеринде сондай-ақ, Өзбекстан экономикасының ҳәр қыйлы тармақлары кесиминдеги анық мысаллар ҳәм жойбарлар презентациясы менен даўам етти.


Бизнес форум жуўмақлары бойынша бир қатар тараўларда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди.

ӨзА