Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде елимизде алып барылып атырған социаллық-экономикалық реформаларды жетилистириўге қаратылған бир қатар нызам жойбарлары көрип шығылды.

  Раўажланыўдың жаңа басқышын ҳәм 2018-жылы Өзбекстан Республикасының социаллық-экономикалық раўажланыўын белгилеп берген Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске Мүрәжатында мәмлекетлик хызметлерди тиккелей төменги буўынларға көрсетиў, жергиликли ҳәкимият ведомстволары ушын қаржылай ҳәм басқа да имканиятларды кеңейтиў зәрүрлиги, бар тәртип-қағыйдаларды оптималластырыў ҳәм әпиўайыластырыў, басқарыўдың инновациялық түрлерин енгизиў кереклиги айрықша атап өтилген еди.

«Рекрутинг жумысы ҳаққында» ғы нызам жойбары депутатлар тәрепинен биринши оқыўда көрип шығылды. Бул нызам жойбары Өзбекстанның нызамшылық әмелиятында биринши мәрте, халықаралық мийнет шөлкеминиң «Жеке меншик бәнтлик агентликлери ҳаққында»ғы Конвенциясының халықаралық стандартларын ҳәм рекрутинг жумысын шөлкемлестириў және раўажландырыўдың шет ел тәжирийбесин есапқа ала отырып, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық ислеп шығылған.

Атап өтилгениндей, нызам жойбарында рекрутинг агентликлери хызметлериниң тийкарғы түрлери көрсетилген болып, жумыс излеп атырған шахсларға Өзбекстан Республикасы аймағында мақул жумыс таңлаў, жумыс бериўшилер ушын кадрлар таңлаў, шет елде жумыс излеп атырған шахсларды жумысқа орналастырыў, мийнет базарында мәлимлеме ҳәм мәсләҳәт хызметлерин көрсетиў солардың қатарына киреди. Сондай-ақ, рекрутинг хызметлерин көрсетиў шәртнамаларына байланыслы мәжбүрий талапларды белгилейтуғын нормалар бар, рекрутинг жумысы тараўында ўәкилликли мәмлекет уйым есапланатуғын Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң статусы менен ўазыйпалары белгиленген.

Нызамның қабыл етилиўи Өзбекстан халқында елимиздиң кәрханаларында, және шет елде жумыс пенен тәмийинлеў имканиятларын қатаң түрде көбейтиў ҳәм кеңейтиў, мәмлекетлик хызметлер ҳәм жеке меншик сектор тәрепинен бәнтликке көмеклесиў механизмлерин анық тәртипке салыў имканиятын беретуғыны депутатлар тәрепинен атап өтилди. Соның менен бирге, депутатлардың атап өткениндей, жумыс пенен тәмийинлеўге байланыслы хызметлер көрсетиў тәртибин ҳәм шараятларын белгилеў, соның ишинде, рекрутинг агентликлериниң, кәрханалар және жумыс излеп атырған шахслардың ҳуқықлары менен миннетлемелерин белгилеў биринши дәрежели әҳмийетке ийе.

Соң Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын түп-тийкарынан реформалаў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы және «Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылған «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары додаланды.

Пәрманның 4-бәнтине тийкарланып 2018-жыл 1-январьдан Исбилерменлик субъектлерине «бир айна» принципи бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиў бирден-бир орайлары Мәмлекетлик хызметлер орайларына айландырылған. Соннан келип шыққан ҳалда «Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы және «Бәсекилик ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамларының бир қатар статьяларына тийисли өзгерислер киргизилмекте.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте. Кодекс мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын статья менен толықтырылмақта. Бул статья мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртиби бузылған, соның ишинде, электрон ҳүжжетти, сораўды, арза бериўшиниң атынан мүрәжатты қабыллаў бийкарланған жағдайда ҳәмелдар шахсларға ҳәм хызметкерлерге ең кем мийнет ҳақының он есесинен жигирма есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға тийкар болады.

Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 18-декабрьде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасын раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламаларын қәлиплестириў ҳәм қаржыландырыўдың жаңа тәртибин енгизиў ҳаққында»ғы нызамынан келип шыққан ҳалда «Инвестициялық жумыс ҳаққында»ғы нызамға, Өзбекстан Республикасының Салық, Бюджет, Бажыхана кодекслерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбары көрип шығылды.

Депутатлар бул нызамның қабыл етилиўи менен әмелдеги нызам ҳүжжетлериниң елимизди раўажландырыўдың мәмлекетлик бағдарламаларын қәлиплестириў ҳәм қаржыландырыўдың жаңа тәртибине муўапықлығы тәмийинлениўин айрықша атап өтти.

Мәжилисте парламенттиң Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер додаланды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

 Нызамшылық палатасының Мәлимлеме хызмети