Өзбекстан банклери тәрепинен 2023-жылдыӊ биринши шерегинде 30,5 трлн сумлық дәрамат алынған. Бул ҳаққында Орайлық банктиӊ мәлимлемеси берилди.

Онда процентсиз дәраматлар 11,7 трлн сумды, процентли дәраматлар болса 18,8 трлн сумды қураған.

Дәслепки шеректе Өзбекстан банклериниӊ процентли ҳәм процентсиз қәрежетлери сәйкес рәўиште 12,2 трлн ҳәм 2,3 трлн сум болған. Сондай-ақ 3,9 трлн сумлық операциялық қәрежетлер жумсалған.

Үш айда Өзбекстандағы банклер 789 млрд сумлық пайда салығын төлеген. Бул өткен жылдыӊ сәйкес дәўирине салыстырғанда 129 млрд сумға көп.

Банклер январьда 3 трлн сумнан артық сап пайда көрген. Бул 2022-жылдыӊ сол дәўирине салыстырғанда 1,1 трлн сумға көбирек.

 

Зерхан Орақбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги