Кеше Ташкент қаласында  бокс бойынша ересеклер арасында жәҳән чемпионатына старт берилди.

Жарыстың дәслепки күнинде 60 кг салмақта Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Мужибилло Турсунов ҳиндстанлы  Сингҳ Вариндер менен ушырасты ҳәм онда жеңип шығып, 1/8 финалға жолламаны қолға киргизди.

Ал, бүгин болса, жәҳән чемпионатында және 3 боксшимиз, яғный Руслан ҳәм  Шоҳжаҳон Абдуллаевлар менен Жасурбек Йўлдошев келеси басқышқа шығыў ушын гүрес алып барады.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы